ЖАРАЛЫ ЖҮРЕК Дүнья түрли тәғдирлерге толы. Адамзаттың басынан өткени… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

ЖАРАЛЫ ЖҮРЕК

Дүнья түрли тәғдирлерге толы. Адамзаттың басынан өткени тек ғана өзине аян. Базда басымыздан сондай саўдалар кешеди, оны биреўге айтып абырой ала алмайсаң. Адамларға айтқаның менен олар исенбейди. Өмир жолы кең аспандай бир тегис емес, тәғдир сынаўлары теңиз суўындай тынық емес. Өмир асаў дәрьядай бурқасынлап ағып өтеди дә, алдынан шыққан әззилерди күшиниң барынша ылақтырып жибереди. Кисини гәп етиў, биреўге ақыл бериў жүдә аңсат. Ал, адамға адамның жәрдем бериўи мүшкил иске айланған бул заманда. Базда сондай ислерге дусласамыз. Ондай жағдайда ҳешким сизге жәрдем ете алмайды. Биреўдиң жәрдемин, берген ақылын қабыл ете алмайсыз.
                      
                           *
Қала ортасындағы жайласқан пайызлы орынлардың биринде еки жастың бахыт тойы болып атыр. Өәмме қуўанышлы, көргенлер буларға ҳәўес етеди. Келиншектиң гүлдей жайнаған жүзлери, жигиттиң көзлериндеги жалын бәршениң дыққатын тартады. Бәри оз орны менен даўам етер еди. Бир ўақытлары көзине қара көзәйнек таққан, бастан аяқ қара кийим кийинген жасы отызлар әтирапындағы бир жигит тойханаға үлкен бир букет гүл менен кирип келди. Бул жигит туўры келин-кийеўдиң алдына жүрип барар еди. Ол алдынан шыққан ҳеш нәрсеге итибар бермес, биз мынажақта отырмыз деген базы танысларына қарамас еди. Оны көзлери тек ғана тойхана төриндеги еки жасты көрер еди. Ол сол жүристе жас жубайлардың алдына барды. Қолындағы гүлди келиншекке усынды да, кийеў баланың қолларынан беккем қысып, әсте ғана қушақлап қулағына әлле нелерди сыбырлады да келиншекке күлип қарады ҳәм қоллары менен бир затларды ымлағандай болды. Келиншекте бул жигитке үш мәрте ийилип сәлем берди. Естелик ушын сүўретке түскеннен кейин бийтаныс мийман тойхана есиги таман ҳәрекетленер еди. Бул бийтаныс мийман дегенимиз еки ийнинде еки адам отыратуғындай, айтқанынан қайтпайтуғын бир сөзли Алибек деген жигит. Оның кеўилге қонымлы қосықлары көпшиликке унап, ел арасында өз ықласбентлерине ийе. Алибектиң бүгинги тойға келгени көпшиликти таңландырмағаны менен, оның қосық айтпастан тек ғана еки жасты қутлықлап кетип баратырғаны көпшиликти таңландырғаны рас. Ол есик алдына барғанда бир топар жаслар қосықшыны иркти, базылар оннан жанлы ҳаўазда бир қосық атқарып бериўин өтине баслады. Ол болса әлленелерди сылтаў етип, сыртқа шығып буны күтип турған машина таман жол алды. Кетип баратырып қалтасынан сигарет қутысын алып, оннан бир данасын шеге баслады. Оны гүзетип турған адамлардың айтқан сөзлери қулағына еситилип турар еди.
- Айттым ғой саған, бул тойға келмеўиң керек еди, -деди оның изинен келген, бир қатар намалы қосықлардың авторы Салийма.
-Келмесем болмас еди, көрдиң бе олардың қандай бахытлы екенлигин. Мен оларды бахытлы көриў ушын келдим бул тойға. Машинаға отырып атырып сөйленди Әлибек. Оның көзлеринен аққан көз жаслары ийегине қарай сорғалар еди. Салийма оған аяныш көзлери менен бағып жанындағы орынлыққа отырды. Жигит узақ ойға батып үндемей қалды. Қызда оған кесент етпеў ушын тым-тырс болып қалды...

(даўамы бар)
Әбдирахман Зергер.



https://t.me/ibratli_sozler
❤12
September 8, 2026 1.1K 1 2