#ҳикметли_сөзлер
Әке ҳаққындағы ҳақыйқый түсиниклер!
1. Сениң ислеген бир исиң ушын әкең саған бақырып атырғанда әкең сени жаман көрип атырған болмайды.
2. Әкең саған басым өткерип атырған болса, ол буның менен тек сениң өсиўиңди қәлейди.
3. Әкеңди бир жерде индемей, сөйлемей отырғанын көрсең демек ол сениң келешегиңди ойлап отыр.
4. Әкең пулды тежеп атырған болса, оннан қапа болма, ол бул иси менен өзин емес, биринши нәўбетте сени ойлап атырған болады.
5. Әкеңди шаршап қалғанын көрсең, билип қой, ол сен себепли усы ҳалға түскен.
6. Әкеңди қатты қуўанған ҳалда көрсең, ол сениң жетискенлигиң себепли болады.
7. Әкең саған қатты қол болып қалса, сен оның көрсетпелерине жүрмей атырғаныңнан.
https://t.me/ibratli_sozler

16
9
7
3September 8, 2026 2.2K 67