ЖАРАЛЫ ЖҮРЕК
(даўамы)
-Сен қыз не деп отырсаң өзи. Ҳасла ол жигиттиң атын айта көрме! Еситтиң бе, мен сени оған бермеймен. Албина анасынан усындай гәплерди еситти. Ол бул гәплерди, анасының буларға қарсы екенин Әлибекке көпке шекем айта алмады. Қыз еки оттың ортасында қалған еди. Сонда да ол бәри жақсы тәрепке өзгериўине үмит етип дасай берди. Деген менен қатал тәғдир буларға қарсы тис қайраған жыртқыштай ҳүжимге өте баслады. Неликтендур еки жастың ортасында кишигирим қарама-қарсылықлар пайда бола баслады. Бул барысында ортадағы мухаббат жолы айралық атаўына алып барыўы сөзсиз еди. Сол арада Әлибек ҳаққында ел аўзында түрли әңгимелер пайда бола баслады. Бул әлбетте Албинаның анасына қол келди. Көрдиң бе, мен бир затты сезбесем, билмесем айтпайман, -деди оқыўдан келген қызына бир күни. Усындай түрли гәп-сөзлерден кейин Албина да Әлибекке гүман менен қарай баслады. Ақыр ақыбет екеўиниң жолы айра түсетуғын күн жетип келди. Әоибекти ағалап изине ерип жүрген қосықшы инилериниң бири Азамат қолайын таўып қызға жигитти жаман атлы көрсетип, жағыныўға ҳәрекет ете баслады. Және бул жигит Албинаның бир жеңгесиниң иниси болып шықты. Қулласы қыздың анасы Азаматтан келген жаўшыларға қызын бериўди уйғарды. Азамат болса оқыўдан қайтып киятырған қызды бас салып алды да қашты. Албина не болып атырғанын сезбей қалды...
*
Соңғы сөз орнында
Арадан еки жыл өткен соң Азаматтың үйиндегилер ағайин-туўғаннан қарыз алып, еплеп той берип келининиң бетин ашты. Азамат интернет арқалы пуллы ойын ойнап үлкен муғдардағы қарызға кирип кеткен. Ол қарыздан қутылыў ушын буннан бираз алдын бир жерге урлыққа түскен еди. Қыңыр истиң қыйығы қырық жылданнан соң шығады дегендей, Азаматтың бул ислери көпке бармады. Тойға келген Әлибек үлкен муғдардағы ақшаны тойға тояна етти. Ол болып атырған ўақыялардан хабардар еди. Аэропортқа айда деди ол бираз отырған соң машинада. Солай етип ол шет елге бир өмирге кетип қалды. Ал, Азаматты болса той тамамланыўы менен ишки ислер бөлими хызметкерлери алып кетти...
Тамам!
🪄Әбдирахман Қойлыбаев
https://t.me/ibratli_sozler
12
11
2September 8, 2026 2.7K 3 5