рәўият СЕН Я АҚМАҚСАҢ Я ЕКИ ЖҮЗЛИСЕҢ! Бир күни Искендер Зулқарнайн… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

#рәўият

СЕН Я АҚМАҚСАҢ Я ЕКИ ЖҮЗЛИСЕҢ!

Бир күни Искендер Зулқарнайн мәсләҳәтшысына былай деди:
— Усы ўақытқа шекем саған қаншадан-қанша инәмлар бердим, саған не нәрсе керек болған болса да жәрдем бердим, үйли-жайлы еттим, бала-шағалы еттим. Бирақ сен маған шын кеўилден, садықлық пенен хызмет еткениңди көрмедим.

Патшаның бул сөзинен албырап қалған мәсләҳәтшы:
– Әпиў етиң, ҳүкимдарым, бир айып ис ислеп қойдым ба? – деп сорады.

Искендер:
– Бир мәрте болса да кемшилигимди айтпадың. Бул қандай садықлық, қандай мәсләҳәтшылық болды?

Мәсләҳәтшы:
– Ҳүкимдарым, сизде ҳеш қандай кемшилик жоқ...

Искендер:
– Яқ! Менде кемшилик бар екени анық. Себеби инсан кемшиликсиз болмайды. Егер сен менде ҳеш бир кемшиликти көрмей атырған болсаң, онда сен ҳақыйқый ақмақсаң. Егер көрип турып айтпай атырған болсаң, онда ҳақыйқый еки жүзлисең. Демек сен я ахмақсаң я еки жүзлисең, еки ҳалда да мәсләҳәтшы болыўға жарамайсаң!


https://t.me/ibratli_sozler
👍16💯8❤5
September 9, 2026 1.1K 10