СӘЛЕМ, СЕНТЯБРЬ!
Узақларда қалды Март, Апрель, Майлар,
Июнь, Июль, Августты да узаттым.
Енди жолларымды Сентябрь пайлар,
Сәлем, хош келипсең, алтын гүз ўақтым!
Мийўеге сырғып тур сеўгимиз бағы,
Тойып дәм татайын сәл-пәл туратур.
Алма, әнарлары, әнжир бар тағы,
Хошласқым келмейди, сәлем, Сентябрь!
Бирақ ўақыт қыстар қамшысын силтеп,
Сарғайып баслайды енди жапырақ.
Сентябрь кетеди қәлбимди өртеп,
Алдымызда күтип турар Ақырап.
Билмеймен, негедур ҳәмме асығыс,
Қуслар да түсликке аўысып барар.
Нөсерлеп жаўса да көзден жасымыз,
Мен турған мәканға қайтпайды олар.
Дарақларды шешиндирер Ноябрь,
Декабрьдиң ақмамықтай қары бар.
Көзлеримде жанып турса зия-нур,
Көрсем деймен, қандай екен Январь?!
2025-жыл 23-ноябрь
✍ Пердеғалий Дабылов
https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

11
2
1September 8, 2026 2K 4 9