Гүз мәўсиминиң дәслепки күнлери еди. Ҳәммениң де өз тәшўишлери менен бәнт болып, асығып жүретуғын ўақыты. Институтты бирге оқығын курсласлар Самат пенен Төребай ойламаған жерден ушырасып қалды. Самат оқып жүрген ўақтында өзине, кийген кийимлерине жүдә итибарлы еди. Ҳәрдайым аппақ көйлек пенен көк шалбар оның сүйикли имиджи болды. Оқыўын тамамлағанлы да он жылдай ўақыт өтти.Еки жигит те турмысын, жумысларын бир изге салып алғанға уқсайды. Төребай болса ҳәмме қатары ақ көйлек пенен қара шалбар кийип, өзин жүдә мәдениятлы услап - тутады. Булар екеўиниң де салдаманлы жигит ағасы болғанлығы көринип тур.
Усы ушырасқанында да Самат сол баяғы кийиниў стилинен айнымаған, ақ көйлек пенен көк шалбар! Самат екенлигин узақтан айтпай таныйсаң.
Еки дос ҳал-аҳўал сорасқаннан кейин жақын әтираптағы ең қымбат ресторанға барып, өткен-кеткен жаңалықлары менен бөлисти.
Бираз сәўбетлескеннен кейин Төребай:
- Самат, достым, өзиң менен ушырасқаныма жүдә қуўанышлыман. Мине, песин ўақты да шамаласып қалды. Екеўмиз мешитке барып намаз оқып алайық та, кейиннен бизиң үйге барып гүрриңимизди даўам етейик,- деди. Бул сөзди еситкен Саматтың мыйығында мысқыллы күлки пайда болды, ҳәм қымбат баҳалы саатының үстинен бармағы менен нуқып турып урып-урып қойды да:
- Достым, мениң ҳәр бир минутым пул. Мешитлерди аралап жүретуғын ўақытым жоқ мениң. Ҳәзир бул жерде сениң ҳүрметиң ушын сонша ўақтымды ажыратып отырман. Маған телефон номериңди бер. Ара-арасында ўақтым болып қалса, хабарласамыз,- деди. Саматтан бундай жуўапты күтпеген Төребай албырақлап қалды. Бирақ телефон номерин берди. Номерди жазып атырып:
- Менде Төребай деген таныс көп. Сени телефоныма "Қияметлик достым" деп жазып сақлайман.Сен қоңыраў етсең дәрриў таныйман,- деди.
Соның менен еки дос рестораннан шығып, өз жолларына қарай бетледи. Арадан үш-төрт күн өтип, Төребайдың телефонына қоңыраў келди. Қараса Саматтың номери. Қоңыраўды услап:
- Алло, достым! - дегени сол, арғы жақтан:
- Достыңыз сизди бүгин песин ўақтында пәлен жердеги мешитте күтеди,- деген даўыс естилди.
- Яқшы,- деди де, Төребай ойланып қалды. "Усы Саматтың бир түрли әдетлери бар. Сол сөзди өзи-ақ айтса не қылады екен?.." деп пикирледи де, айтылған мешитке барыўға нийетленди.
"Мүмкин, Саматтың ўақты биймәлел шығар. Мешиттен шығып үйге келермиз", деп ойланды.
Мешитке жақынласқанда жаназа оқыўға алып келинген бир табытқа көзи түсти. Негедур табытқа көк лента байлап қойылған еди. Оны көрип Төребайдың жүреги суўў ете қалды. "Қудай сақласын!" деп, омыраўына "туф-туф!" деп қойды.
Ишкери кирип, көз қыйығы менен Саматты излей баслады. Әри-бери қарағышласа да, Саматқа көзи түспеди. Намаз оқылғаннан кейин имам-хатиб "Салоти жаназа" деди.Адамлар сап дүзей баслады. Төребай да табыттың туўрысында турған еди. Жүреги ҳәўлирип, бийжағдай болды. Табытқа байланған көк лента оған бир мүсийбеттен хабар бергендей болып, тула-бойын ҳүрей бийледи. Мешит ишинде әдепсизлик болса да, телефонын алып достысына қоңыраў етти. Телефонды биреў услады.
- Алло, достым қайердесең? - деп сорады Төребай. Телефонның ар жағынан:
- Достыңыз қарсы алдыңызда, табытта,- деген жуўап естилди. Бул даўыс оған ҳәм телефоннан, ҳәм қасынан естилип атырғандай болды. Шеп тәрепине бурылып қараса, жанындағы адам жуўап берип атырған екен. Ол адам дәрҳал телефонды өширип, қалтасына салды, ҳәм:
- Марқумның телефонында "Қияметлик достым" деген контакт бар екен. Соның ушын биринши сизге қоңыраў еттим,- деп сыбырлады.
Әзиз, досларым! Ўақтымыз бар ма, жоқ па, қәлеймиз бе, қәлемеймиз бе, бәрибир Алланың үйине келемиз. Бирақ бул жерге басқалар көтерип келмей турып, өз аяғымыз бенен келейик.
Жаратқан Ийемизден ўақтымызды берекетли, пайдалы, мазмунлы етиўин сорап дуўалар қылайық! Истиғфарлар айтып, гүнәларымыз кеширилиўин сорап тилек тилейик🤲!
🪄Д.Жумағулов
"Ҳаётий ҳикоялар"телеграм тармағынан
https://t.me/ibratli_sozler


