ЖАРАЛЫ ЖҮРЕК (даўамы) Олардың танысыўы жүдә қызық болған еди. Әлибек… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

ЖАРАЛЫ ЖҮРЕК
(даўамы)

Олардың танысыўы жүдә қызық болған еди. Әлибек бир үлкен таңлаўда төреши болды. Сол таңлаўға жоқары оқыў орнында оқып жүрген Албина исимли қыз да қатнасты. Таңлаўға ҳәрким өзинше таярланып, былай қарағанда қатнасыўшылар бир-биринен қалыспайтуғын еди. Бирақ, көпшиликтиң ишинен усы Албинаның жоқары лапызы бәршени бирдей таңландырды. Қыз қосық айтып болған ўақытта Әлибек орнынан түргелип кетиўине сәл қалды. Ол бул талант ийесине сүйсине қарап турды. Сол ўақытта оның артынан келип, -Ақсақал сәлем айтып жиберди, қарындасымыз орын алыўы тийис, -деген сөз буның қыялын бузып жиберди. Қайсы ақсақал? Қарындасы ким екен?, - тагланып турды Әлибек. Жаңағы даўыс бир жөтелип аллы да, енди шығады, -деп сыбырлады. Не деп жуўап бериўди билмеген жигит, көрермид деди де қойды. "Ақсақалдың қарындасы" сахнаға шығып келип, ол да қосық айта баслады. Бул қатнасыўшы қосық айтып атырып еки жерде қәтеликке жол қойды. Буны басқалар сезбегени менен жүреги нама таңлап билетуғын,тыңлап билетуғын Әлибек дәрҳәл сезди. Ол әсте басын шайқап қоя берди. Узақ тарыслардан соң төрешилер Албинаға биринши орынды берди. "Ақсақалдың қарындасы" жеңилиске ушырады. Әлбетте бүгинги қарар төрешилерге қымбатқа түсери анық еди, сондай болды да. Бирақ, бир жас талант ийесине айдын жол ашылған еди. Албина ел арасында таныла баслады. Буған Әлибектиң көмеги себепши болды. Булардың жулдызлары бир-бирине жарасып, ортада муҳаббат жалыны лаўлап жана баслады. Олар бир-бирине жипсиз байланып қалған еди десек қәтелеспеген боламыз. Сол жүристе арадан бир қанша ўақыт өтти...
Әлибек бир күни қыздың үйине адам жибермекши болды. Буны қызға айтқанда, қыз қуўанғаны менен ишинде әлле бир қорқыныш бар еди. Ол ой-қыялларын жигитке билдиргиси келмеди. Бирақ, ҳәр бир затқа үлкен итибар менен қарайтуғын Әлибек буны сезди. Қызды қысындырмайын деди ме, оншелли сорастыра бермеди. Ата-анасының үйленбейсең бе деген сораўына жақында деп жуўап берди. Ол жай-жағдайды үйиндегилерге бир бастан айтып берди. Буны еситкен Әлибектиң анасы қатты қуўанды. Сүўрети бар ма?, - деп сорап қаллы байғус ана. Әлибек дәслеп қысынды, кейин өмиринде сыр жасырып көрмеген жигит қыздың сүўретин ата-анасына көрсетти. Сүўретти көрген бийшара ананың неликтендур жүрегин бир силкинип түсти. Солай болса да, байғус ана қуўанғанынан тойдың ҳәрекетине түсти. Отырса да турса да ғаррысына тойды ойласайық дейтуғын болды. Тойға кимлерге айтыўын, кимниң үйине қандай қонақ жибериўге шекем сөйлеп отырады ол.
Ал бул пайытқа келип Албинада анасына Әлибек ҳаққында айтып атыр еди...

(даўамы бар)
🪄Әбдирахман Зергер


https://t.me/ibratli_sozler
❤14😁2
September 8, 2026 1.9K 5