🦢 Әзийзлер, елимиздиң ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы, жаңа оқыў жылы, " Устазлар " күни байрамы қутлы мүбәрек болсын!
Елимиз тыныш болып, журтымыз абад, аспанымыз ашық, дәрьямыздың суўы бурқасынлап ағып Аралымыз тола берсин! Халқымыздың бахтына президентимиз аман болсын! Елимиздиң телеги дәнге толып, дийханларымыздың жазы мененги мийнети босқа кетпей, дәстурханымыз толы болып Алла балларымыздың ырысқы - несийбесин молынан бергей! Сыртта жүргенлер аман -саў ел қушағына мол табыслар менен аман оралғай!
Жаңа оқыў жылына қәдем қойып атырған нәрестелеримиздиң қәдеми қутлы келсин! Оқыў питирип ойлаған нийетине жетисип келешегимиз гүллене берсин!
Қәдирдан нураний устазлардың өмири узақ болсын! Ел хызметиндеги абыройы күннен - күнге аса берсин!
Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын! Байрағымыз бәленттен желбирей берсин!
" Әдиўли Устаз" көкирек нышаны ийеси Рано Сагидуллаева
Хожели
https://t.me/ibratli_sozler

12
2
1September 2, 2026 989 1