ҚУТЛЫ БОЛСЫН ТУНҒЫШ ҚӘДЕМИҢ.
(Халқымның Ана мектептиң босағасына тунғыш қәдем қойған барлық 1 - класс перзентлеримизге арнадым.)
Қутлы болсын тунғыш басқан қәдемиң,
Устазыңа берген тунғыш сәлемиң.
Ана мектеп босағасын атладың,
Жолдас болсын жақсы нийет тилегим.
Қуўаныштан нур жайнайды жузиңде,
Илимли болғайсаң мына өмирде.
Айдын жолда қәдем таслап барасаң,
Ақ периштем гирбиңи жоқ кеўлинде.
Умити көп сеннен ата- анаңның,
Болғайсаң азаматы ана Ўатанның.
Хызметинде болып ел ҳәм халқымның
Мақтанышы болғайсаң Қарақалпағымның
Биринши қоңыраў есиңде қалып,
Устаздан сапалы билимлер алып,
Дунья әлеминде Қарақалпақты танып,
Байрағы бийиктен желбирей берсин,
Сондай кун ҳәммемизге несип етсин.
Қутлы болсын тунғыш басқан қәдемиң,
Устазға берген тунғыш сәлемиң,
Елимниң илимли перзенти болып,
Билимиң шарласын дунья әлемин.
Перихан Аймуратова.
1 - сентябрь 2023 ж.
Ташкент қаласы.
Архивтен.
https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

11
5
1
1September 2, 2026 2.2K 44