#АДАМЛАР БАР..
Адамлар бар күлип турар
Ишиңдегин билип турар ,
Адамлар бар сәл нәрсеге
Илме гәптен илип турар.
Адамлар бар түсинбейсең
Дегиң келер "мүсиндейсең"
Адамлар бар гәплерине
Өмир алла исенбейсең.
Адамлар бар дегишпели
Ҳәзил айтса жарасады
Адамлар бар сөгиспели
Бир-бирине санасады
Адамлар бар дос боп жүрер
Ишиңдегин айтпай билер
Адамлар бар абайсызда
Баўырыңды қан қылып тилер.
Адамлар бар қолы ашық
Саўап иске тақ турады
Адамлар бар өзи басық
Посгелледен гәп урады.
Адамлар бар мақтанады ,
Артық сөзден сақланады
Адамлар бар бүлгин салып
Соң өзинше ақланады .
Адамлар бар өзи шаққан ,
Не айтсаңда бежереди
Адамлар бар дым тисқаққан
Ҳәрбир иске үлгереди .
Адамлар бар асықпайды ,
Әсте сөйлеп жеткереди,
Адамлар бар сасытпайды,
Ойлап көзден өткереди.
Адамлар бар сырттан сөйлер,
Тырнақ асты кир табады,
Адамлар бар түртип геўлер
Ҳәрбир иске мин тағады.
Адамлар көп түр -түринен
Бири жақсы ,бири жаман,
Қалыспайды бир-биринен
Ҳәммеси де болсын аман .
🪄ДилбарханАйтжанова
https://t.me/ibratli_sozler

24
7
1September 2, 2026 2.6K 6 34