НЕГЕ ШАЙЫР БОЛҒАНСЫЗ?
Генрих Гейне Парижге барғанында ықласбентлеринен бири оны сораўға тутады:
– Бабаңыз Соломон жүдә бай банкир болған, сиз болса атақлы шайыр болып жетилистиңиз. Буны қалай түсиндирип бере аласыз?
– Анам балалығымда маған қосықлар оқып беретуғын еди, сол себепли үлкейгеннен кейин, шайыр болдым. Бабам Соломонның анасы болса оған қарақшылар ҳаққында ертеклер айтып беретуғын болған, соның ушын бабам банкирликти таңлады. Барлық гәп аналардың тәрбиясында!
https://t.me/ibratli_sozler

24
6September 2, 2026 2.9K 18