ҚУТЛЫҚЛАЎ Ҳүрметли «Ибратлы сөзлер» каналындағы устазлар ҳәм… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

#ҚУТЛЫҚЛАЎ

Ҳүрметли «Ибратлы сөзлер» каналындағы устазлар ҳәм Билимлендириў хызметкерлери!
«Устаз жолы» Админстрациясы атынан  Сизлерди елимиздиң ең әзиз ҳәм ең улыўма байрамы — Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигининң 35 жыллығы ҳәм ҳәр бир шаңараққа қуўаныш алып келетуғын Билимлер күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз!
Әсирлерге татырлықтай усы қутлы күнлерде ҳәр биримиз Уатанымыздың азатлығы ҳәм раўажланыўы жолындағы ең ийгиликли иске – жас әўладты тәрбиялаўға аянбай хызмет еттирип атырған мийнетлериңизди жоқары баҳалаймыз. Билим шыңларына баслаўшы: Жаслардың келешекте билимли, саналы ҳәм пидәкер инсанлар болып камалға келиўинде сизлердиң қосып атырған үлесиңиз шексиз. Ғәрезсиз елимиздиң келешеги ҳәм ертеңги күнге болған исенимимизге айланған жас әўладқа илим жолын көрсетиўши жулдызсыз!
Байрам мүнәсибети менен сизлерге ҳәм шаңарақларыңызға беккем денсаўлық, бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық-татыўлық, машақатлы ҳәм саўаплы ислериңизде уллы табыслар тислеймиз. Жас әўладты тәрбиялаў жолындағы ийгиликли ислериңиз ҳәр қашан бәлент баҳалансын!
Қос байрамыңыз қутлы мүбәрек болсын!

⚡️Ғәрезсизлик ҳәм Билим күни

Үш жүз алпыс бес күнниң ең әзиз күни,
Бүгин ҳәр бир кеўилдиң нурланды үни.
Отыз бес жыллығың қутлы байрамым,
Басланды оқыўдың ең нурлы күни!

Ғәрезсизлик-бахытым, тирегим сенсең,
Жаңа дәўир, жарық жүрегим сенсең.
Мектеплер де есик ашты жасларға,
Азат елим, әдиўли тилегим сенсең!

Парталар сағынды оқыўшыларын,
Жасларым көрсетсин билим шыңларын.
Ғәрезсиз елдиң де бахытлы перзенти,
Билим менен шешер дүнья сырларын!

Азат ел устазы- мақтанышымыз,
Билимли жасларды -хошланышымыз.
Қос байрам толысқан усы күнлерде,
Арта берсин сизге исенишимиз!

Аспанымыз ашық болсын бәрқулла,
Жасларымыз алға умтылсын ҳәмме.
Отыз бес жыл тойың ҳәм билимлер күниң,
Қутлы болсын, елим, мың-мың мәртебе!

«Устаз жолы» Админи:
Сапура Сапарова

https://t.me/ustaz_joli_kanal26
https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
📚УСТАЗ ЖОЛЫ КАНАЛЫ 7⃣ ЖАСТА🎂
#Еслетпе 📙УСТАЗ ЖОЛЫ газетасының Рәсмий каналы: 👇 @ustaz_joli_kanal26 Талықлаў: @ustaz_joli_taliqlaw26 Пән муғаллимлердин сабақ , Ашық сабақ, Мақала, Ўақыя ҳәм гүрриң Бағдарлары бойынша таңлаўларға қатнасып педагогикалық тәжирийбе алмасыў.
❤8🔥1
September 2, 2026 1.9K 5 3