Әмиўдиң бойында турған қарындас,
Кеўил толы ышқы сазым бар саған,
Сени қушсам дейип еткендей талўас,
Асаў толқынлар да интизар саған.
Бүлбиллер сайраса, сен деп сайраған,
Гуллер сениң ушын ғумша байлаған.
Сүмбил шашларыңды желпип ойнаған,
Салқын самаллар ҳәм интизар саған.
Ақ көбик шайпалған дәрья кәнары,
Боз думан артында таўлар мунары,
Таңда талўас еткен ис қарыйдары,
Алтын далаларым интизар саған.
Қос бурымың ақ балтырды аймалар,
Сен жүрген жолларда көзлерим талар.
Ақ алтын патшасы, ай жүзли дилбар,
Туўылып өскен еллер интизар саған.
И.Юсупов 1962-жыл. Май.
https://t.me/ibratli_sozler

