#ғәзийне
📜 Қарақалпақ халық нақыл - мақаллары.
Жалынып сөйлеген,
Налынып сөйлейди.
Отырыспа жыйынға,
Досың менен ере бар.
Жалғыз барсаң алдыңда,
Ҳәм артыңда жолын тар.
Билмеген истиң анығын,
Шуғыл сөзге ереди.
Исенимли достынан,
Жаманлық келсе көреди.
Душпан күлдирип,
Дос жылатып үйретеди.
Достыңнан түйе сора,
Уялғаннан бийе берер.
Ақылсыз достан,
Ақыллы душпан артық.
Жақсы менен жолдас болсаң,
Кейни жақсы болады.
Жаман менен жолдас болсаң,
Кейни урыс болады
Жаман жолдас та-жаў.
Сақый – дос көбейтеди,
Бақыл – мал көбейтеди.
Жақсы достың пайдасы тийер ҳәр жерде,
Жаман дос қалдырар бәрҳа зәлелге.
Жолсыз жүрип зорықсаң,
Жол қәдирин билерсең.
Жалғыз жүрип зорықсаң,
Ел қәдирин билерсең.
Ашаршылықтан тарықсаң,
Ас қәдирин билерсең.
Сырласарың болмаса,
Дос қәдирин билерсең.
Досы көп пенен сөйлес,
Досы жоқ пенен сырлас.
https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

12
4
3September 2, 2026 2.1K 13