Сол жүргеннен мол жүрип шофёрдан басқасының көзи илинип кеткен бее… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

Сол жүргеннен мол жүрип шофёрдан басқасының көзи илинип кеткен бее, тасырлыдан ҳаўлығып оянды. Медеттиң басы мең- зең. Ҳеш нарсени түсинер емес. Қасындағылар да көзлери бақырайсып Алланы қайта-қайта есине  алып атыр. Бир ўақытлары -Ҳәмме тири ме,жараланған адам жоқпа? деген дирилди аралас шофёрдың даўсы еситилди.
Ҳәмме өзине келип есин жыйып қараса ай далада, трассадан бираз ойға түсип кеткен екен. Түн болғанлықтан әтирап анық көрине қоймады. Аман қалғанына шүкирлер айтып таң атқанша машинада отырыўды уйғарды.
Баклашканың түбинде қалған суўды бөлисип бир уртламнан жутқан болды. Енди қарынлары аш қасқырдай улып баслады. Ҳеш кимниң жанынан тислем нан шықпады.
Дүканның тамақ болмайтуғын жылтыр қағазлы  жуқа чипсилери тисиниң арасында қалды.
Медет суўық демин алды.  Анасының " Балам нан деген жолдас болады алып кетеғой шырағым"- деп қыйылып турғаны кино лентасындай көз алдынан өтти.
Еле де дуўа-тилеклери қабыл болып бир апаттан аман қалды.
Кешир Анажаным!- деп еситилер еситилмес гүбирленди.
'Ананың кеўли балада, баланың кеўли далада"- деген усы шығар сирә.

Гулзар Қурбанбаева
Саҳра гүли🌹  Ноябрь. 2024.
https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
💯17👍9❤7
September 6, 2026 2.5K 3 10