Ананың кеўли балада...
-Апа қоя қойыңса қыйнай бермей, жол- жөнекей ҳәмме жерде нан, аўқат сатылады.
Ҳәзир заман басқа...
Медет жоралары менен Қазақстанға барып жумыс ислеп қайтаман дегеннен баслап Айжамал апаның уйқысы қашты.Таң намазын оқып болғаннан кейин ғана бираз көз шырымын алатуғын болып қалды. Соған дейин ҳәр түрли ойлар, уўайымлар жанын жеп уйқы бермес еди.
Өзиниң қыз дәўирин еследи. Әкеси тракторшы болған ал анасы соқырлардың мекемесинде үзикши ўазыйпасын атқарып жумыс ислеген. Ол дәўирлерде ҳәтте көзи әззи инсанларға да жумыс қарастырылған екен-аў, япырмай... Биреўге айтсаң ертек дейтуғыны анық.. Анамыз тоғыз қурсақ көтерген, бирақ соннан
үш ул, үш қыз қалғанбыз. Биреўден алдын,биреўден кейин гейде тоқ, гейде шала қурсақ әйтеўир аш болмадық. Үлкенниң гөнесин қуўанып кийип, ийин ағаш пенен суў тасып, үйдиң тирилигин тындырып жүретуғын едик. Жумысымызды болғаннан кейин, бизлерге ўазыйпа сабағымызды таярлаў, китап оқып түсинигимизди айтып бериў жүкленетуғын еди.
Ҳәр ким ҳәр жерде гүбир-гүбир, өз үй тапсырмасы менен бәнт.
Кеш болғанда жумыстан шаршап
келсе де Ата-Анамыз бизлерди бирме-бир тыңлайтуғын еди. Шай үстинде марапатымызды бериўди де умытпайтуғын. "Мениң қызым муғаллим болады, мениң балам доктор болады.."
Қандай әжайып күнлер еди,
Барына қәнәәт, жоғына сабыр етип керек жеринде қоңсы- қоба менен алыс- берис қылатуғын едик. Анам таңсық мазалы тағам таярлаған күни биреўмизди шақырып алып еки тәрепимиздеги еки қоңысымызға апарып кел деп ыдысларға салып беретуғын еди.
-Пай апа деймен-аў, бермегенде қәйтеди дегенимде,
-Бар қулыным апарып бер уят болады,аўқаттың түрин көрмесе де ийисин ийискеди.. Аўзының суўы шубырған болар, қоңысы ҳаққы деген болады деп қоярда қоймай услатып жиберетуғын еди.
Гейде сол апаларымыз да ойламаған жерден мазалы аўқатлары менен бизди қуўантатуғын еди.
Адамлардың жүзинде нур, баслары бийик, күлкисинде шынайылық барқ урып туратуғын. Көрискен жерде жети атаңа дейин сорасып, бәрекелла деп арқаңнан мийирим менен қағып қоятуғын еди.
Ал ҳазир өкинишке орай кем дегенде бир үйден бир адам напақа табыў ушын үйинен,бала-шағасынан <безип> айлап, жыллап ел асып кетеди.
Эҳ.. келмеске кеткен алтын дәўирим, меҳир- мүриўбетим!.
Айжамал апа дөңбекшип таңды атырған болды.
Бүгин баласы жол жүретуғын күн. Анаў мынаўсын таярлап, арасында жүрип нанға қамыр ийлеп бастырып таслады. Балам жесин деп сүтке қарып, майға мушлады.
Кешке дейин ўақыт бар үлгеремен деген ойлар мазалап жас келиншектей шаққан-шаққан қыймылдап жүр.
Бала деген ет-баўырың ғой, жемей жесин, киймей кийсин дейсең.
Медет быйыл контракт болып оқыўға түсти. Бирақ оның төлемин төлей алмаслығын ескерип оқымай қалды. Жаўын шашыннан бурын азырақ дийханшылығын жыйнастырып, жоралары менен шет елде жумыс ислеп келиўди жоспарлады. Ҳәзирше үйдиң үлкени усы Медет. Мархум әкесиниң өмирден озғанына да төрт жылға қарап баратыр. Өзинен үлкен әжағасы жумыс бабы менен келиншеги ҳәм қызын алып <Жаслық>қа бөлек кеткен есабы. Қарындасы еле мектеп оқыўшысы.
Медеттиң минези туйық па, ямаса өзин усы хожалықтың ер азаматы ретинде сезинеме әйтеўир ҳәмме нәрсеге өз пикири, өз жуўабы тайын.
Соның менен кеште барып алып кетемен деген такси шофёры қоңыраў етти.
Айжамал апа баласына ақыл-насиятын айтып кирсе кирип, шықса шығып изинде жүр.
Үлкен сумкасын таксидиң багажына салған Медет апасының қолындағы тағы бир муқыят оралған пакетке көзи түсип еңсесин қатырды.
-Апа қоя қойса қыйнай бермей, жол- жөнекей ҳәмме жерден пулыңа нан, аўқат табылады.
Енди буны да жүк қылып көтерип жүремен бе?Қала берсин деп кесип айтты.
Айжамал апа болса;
- Балам аў "Керек тастың аўырлығы жоқ" деген. Алып кете берсең о! сен ушын жумсақ етип пәтир, нан жаўып едим.
-Өзлериңиз ҳәз етип жең еркектиң несийбеси жолда деп келисер-келиспес бир нәрселерди гүңкилдеди де хошласып жолға шықты.
Апаның салысы суўға кеткендей бир түрли кейпият пенен изинен -Ай барып аман қайт қулыным!-- деп бетин сыйпады.
Машина жолдың гидир-будырына қарамай жол танабын суўырып баратыр.
25
4September 6, 2026 3.2K 13