Салт_дәстүр 📜 Ата нәсияты Ҳаялды табағынан байқа, баланы талабынан… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

#Салт_дәстүр
📜 Ата нәсияты

Ҳаялды табағынан байқа, баланы талабынан байқа.

Анаға тартпайтуғын, әкеге жүк артпайтуғын қыз болмайды.

Қыз бахты – қырық қурақ.

Қой баққанға ат таңлатпа, тис қаққанға қыз таңлатпа.

Ҳаялға ана, балаға дана деп қара.

Қыз баланың қуны уяты менен намысында

Қызда қылық жоқ деме, мөминде былық жоқ деме.

Кербез қыз қартайғанын сезбейди.

Жақсы ҳаялдың баласы да күтиўли, жумысы да питиўли.

Ҳаялын сыйлаған, үйин сыйлаған, елин де сыйлай биледи.

Шешек атпай турғанда, гүл сулыўы билинбес.
Сырын ашпай турғанда, қыз сулыўы билинбес.

Аналар қанша туўған менен, даналар күнде келмейди.

Жақсы болса алғаның үйиңнен, қонақ кетпейди. Жаман болса алғаның шын достың да шетлейди.

https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
💯22❤5
September 8, 2026 2K 2 30