СОНДА БИЗ КИМБИЗ. (Болған ўақия.) Дем алыс куни еди. Достымыздың… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

СОНДА БИЗ КИМБИЗ.

(Болған ўақия.)

Дем алыс куни еди.
Достымыздың аўылдан әжепасының жыл садақасын берип келгенин еситип,жети,сегиз ҳаял жыйналып хабар алып, көрип қайтатуғын болдық.
Олда дем алыс куни туски сағат екиге келе ғойың деди.
Бир жерге баратуғын болсаң уйден шығыў қыйын.
Кийингениңнен ақлықларың,
- Әже қаяққа баратырсаң, бизлерде барайық-деп шуўласады.
-Бир жерге бараманда,тез қайтаман,х,әзир келемен-деп ақлықларымды алдастырып зорға уйден шықтым -аў.
Сағатқа қарасам еки болайын деп атыр.
Дәрриў такси тоқтаттым.
Баратуғын жеримниң мәнзилин  айтып таксиге   отырдым.
Ишинде шофёрдың қасында бир ер адам отыр екен.
Олар өз-ара сөйлесип кетип атыр.
Сөзлерине қарағанда ағалы - ини екен.
-Анама дым уқсайсаң -деди қасындағы ағасы.
- Солай ма,мен кеше улымды уқсаттым.
Анамды сол гезде қәйтип орап операцияға  алып кирген болса,улымды да сөйтип орап операцияға  алып кетти.
Сол гезде анам көз алдыма елеследи- деди қамығып.
- Бизиңде хабарымыз болмаған,айтпағансаң да,неге ондай қылдың тусинбедим -деген ағасына,
- Еки кун алдын Лола уйге көшеден  табака алып келип еди.
Барлық бәле соннан басланды.
Табаканы тек балам екеўмиз  жегеннен соң, көп өтпей мен де,балам да қусып аўырдық.
Туўрысын айтсам сап - сары запыран қусып бир өлип тирилдик.
Мен ғой дәри ишип еплеп тәўир болдым, ал  балам еки кун ишинде ҳәлсизленип,ишкен жегенин қуса берди.
Ақыры "тез жәрдем"шақырдық.
Сөйтип емлеўханаға барсақ соқыр ишек -деп қарап тур.
Мен шып-пыр болып тусиндирип атырман.
Қаттыға ушынғанбыз, жақпайтуғын көшениң аўхатын  жегенбиз десем  қулақ салмады.
-Ҳәзир операция етпесек ишеги жарылып кетсе жуўап бермеймен-деген соң доктордың айтқанына көндик.
Және "тил хат"жаздырып алды.
Бизиң ырзашылығымыз бенен операция исленди,бизиң х,еш қандай қарсылығымыз жоқ-деп х,аялымыз екеўмиз жазып ,қол қойып та бердик.
Сөйтип тезлик бенен операцияға алып кетти.
Баламның аўҳ,алы жаман  еди.
Еки кун ишинде азып ,солып қалды.
Арадан бир сағаттай ўақыт өтип доктор шықты.
- Соқыр ишек емес екен.
Ең аўыр турдеги ,отравление,десе бизлер не деримизди билмей қатып қалдық.
-Бала тириме-деп сораўға ҳалымыз жетти.
- Балаңыз жақсы,бир,еки сағат өтип палатаға аламыз.
Анасы қасында қалса болады- деди де кетип қалды.
Сол  жерде бир орыс ҳаял турған еди.
Ол өзбекшени тисинер екен.
- Сиз неге ундемейсиз.
Устинен жазып судқа бериң.
Қашан усындай итибарсызлық тоқтайды.
Сизиң қолыңызда далил бар-деп маған сөйлеп ,бақырып кетти.
-Мен тил хат жазып  бергенмен -десем де,
- Тупирдим хатыңа,балаңды ҳеш нәрсе болмаса да сойды.
Тусинип атырсаң ба өзи?-деп урысып кетти.
Ал бизлер уйге асығып атырмыз.
Хаялым баламның қасында жатыўға таярланып келиўи керек.
-Мен болғанда олардың мурнын жерге ысқылап,пушайман жегизер едим.
Сиз ақмақлық етип атырсыз-деп қолын бир силтеп арман барып турды.
-Кеширерсиз гәпине араласқаным ушын.
Сонда сиз ҳеш кимге, ҳеш зат деместен кете бердиңиз бе? -дедим шыдай алмай.
-Апа маған баламның аман қалғаны,тири қалғаны жетеди.
Олсызда  неше куннен бер ҳаялымыз екеўмиз нелерди басымыздан өткермедик.
Нелерди ойламадық-дийди арқайын.
Мине биз сондай деп докторлардың қәтелигине көз жумамыз.

Еки,уш жыл алдын қудаша қызымыздың  баласы да  бир өлимнен қалды.
Оның аўхалы буның тескериси.
Баласы ишимлеп ўай- ўайлап жылаған екен,жеке меншик поликлиникаға апарыпты.
Ол  жердегилердиң исине қараң.
Соқыр ишек болған баланың ишегин жуўған.
Нәтийжеде ишеги жарылып кеткен.
Қудай сақлап СамПИ  деги тәжирийбели  докторлар аман алып қалды.
Сонда ишегин жуўдырыўға рухсат берген докторды судқа  беремен деген ҳаялын кийеўи тоқтатқан.
-Қудайға шукир баламыз аман қалды -деп.

Жуўмақ..
Биз ең әўели Аллаға исенемиз.
Одан кейин бир жериң аўырып жаның көзиңе көринсе докторларға  Қудайдай исенемиз.
Ал докторлар қәлесе сойып таслайды да, арқайын биз қәтелесиппиз дийди.
Ал керек жеринде билместен басқа зат ислейди.
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
❤30👍11😢1
September 6, 2026 3.2K 3 9