АНАҢДАЙ ҚӘДИРДАН БИР ЖАН ТАППАССАҢ...
(Анамды барып көриўге ўақтым жоқ деген достыма дегенлерим)
Мейли аўзың менен қус усласаң да,
Мейли патша болып журт сорасаң да,
Мейли төрт тәрепте қублаң болса да,
Анаңдай қәдирдан адам таппассаң.
Биреў сеннен мәплениўди гөзлейди,
Биреў ҳәмелиң деп сеннен безбейди.
Биреў көзобаға жыллы сөзлейди,
Анаңдай бийминнет адам таппассаң.
Дәўлет келсе исиң алға өрлейди,
Досларың көбейип отың гүрлейди.
Бағың тайса,бир жан сәлем бермейди,
Сондайда анаңдай ғамхор таппассаң.
Бултлар үйрилгенде қара басыңда,
Көз қырын салмайды ханаласың да.
Бир адам қалмайды ҳәтте қасыңда,
Сондай ўақта анаңдай жан таппассаң.
Дүньяда ҳеш кимсе жетпес анаға,
Ол болмаса лашың қалар далада.
Анаң болса мың шүкир айт Аллаға,
Ана журегиндей жүрек таппассаң.
Хызмет етсең еткил дәслеп анаңа,
Ҳәдис бул сөзлерин қуйғай санаңа.
Ана кеўлин таппақ - жетпек Каабаға,
Анаң өтсе жүрген изин таппассаң.
Уйим,бала-шағам,жумыс бар дейсең,
Анамды көрмеге ўақтым тар дейсең.
Күтпегенде өтсе ертең не дейсең,
Анаңдай қәдирдан бир жан таппасаң...
Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
7 сентябрь,2026 жыл
👉https://t.me/gulnara_nurlepesova
Telegram
ГүлНур
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери,"Дослық" ордени ийеси Гүлнара Нурлепесованың жеке дөретиўшилик каналы

21
14
12
4September 7, 2026 3.5K 5 63