Оннан қалса және бир ақлығы Мурат беташар ушын үлкен баннер ислеп… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

Оннан қалса және бир ақлығы Мурат беташар ушын үлкен баннер ислеп үйдиң қапталына тағып қойған. Зымырап ѳтип атырған ўақыт себепли усы күтилген мәўритлерге жетип келди. Халмурат үйдиң бир бѳлмесинде азанлы берли ҳүрмет-иззет пенен күтилип, аўқатланды. Келинди узатып әкелиўден үйге киргизбестен бет ашыўға  таярлады. Келининиң аяғының астына үлкен гилем тѳселген менен оның үстинде қойдың терисин  тѳседи. Еки қапталында еки келиншек қолынан демеп тур. Олардың ийинлерине тойдан пайы деп еки таўар жабылды. Ортаға саўлат тѳгип Халмурат шықты. Ҳәмме не болар екен – деп тур. Еки беташаршы қатар турыпты. Биреўи тойға арнап шақырған ҳәзирги ең зор деген жигит.
Тамағын бир қырынды да Халмурат турған аламанға сәлем берип, той менен қутлықлады. Оған микрофон керек емес еди, даўысы ири, және жағымлы. Еле сол турысы екен. Қолына тутқан микрофонда әбден заңқылдап еситилди. Жаздың күни болғанлықтан кѳшеден ѳткен де кеткен де бул даўысты еситип тойханаға жыйнала баслады.
Машыныларда тоқтап, адамлар алысларда қалған беташардың ѳзгешелигин сағынғанын сезип атыр.
Бурын бул беташардың қүдиретин билетуғын кексе әўладлар:
– Саў бола, жаның саў болсын.
– Бәрекелла, ҳаўазың еле де жаңласын – деп атыр хошаметлеп.
Адамның қай-қайсысына да хошамет жағады ғой. Халмурат та кем-кем ҳәўижге шықты. Ол қосықты да дуўтарды жақсы айтатуғын еди.
Қалбазар креслода мардыйып отыр.
– Зор деген беташаршы жигит шегинип тур.
– Кѳрдиң бе мине беташар-деген усындай болады – дегендей Қалбазар бул жигитке де кѳз қарасы менен қәлбиндегин түсиндиргендей болды.
– Дайылар қәне, келмейсизлер ме. Кейин қалдыңыз ба, қуда-қудағайлар. Қалтам сизлерди келеди – деп күтип тур – деп микрафоннан қышқырған  беташаршылардан қашатуғын болды, адамлар. Ҳәзир болса ортада турған 3 литрлик банкиге пулларды салып атыр. Ѳткен-кеткен жолаўшылар да атлары шықпаса да пул салғанын ѳзлери де билмейди сирә.
Сонша адамды бир сааттан кѳбирек «услап» тура алған Халмуратқа пүткил журт разы болды.
Адамлар беташарды созыў ушын бир-биреўиниң үстинен сәлем алыўға ѳтип кетти.
Қулласы, еки саат дегенде беташарды жуўмақлаған Халмурат қолына дуўтар алып «Адыңлар»ға ѳтип  кетти.
Қарақалпақтың миллий намалары, қосықлар не деген жағымлы. Және бир сааттай адамларды дуўтары, қосығы менен «услап» турған Халмуратты адамлар ортадан жибергиси келмейди. Кемпир-ғаррылар кѳзлерине жас  алып, бурыңғының беташарын сағынғанын сездирип атыр. Қыйқуў-шуўға үйренген жаслар да буларды кѳрип бет  бурып кете алмады. Халқының ѳтмишин байытыўға бийпәрўа қарайтуғын адам болмады.
Изине жигирмалаған бир қыйлы кийимде жүрген жораларын ериткен ақлық баласы кемпир апасының қасына келди. Қолындағы гүлди берди.
– Рахмет апа. Еле кѳп жыллар жасағайсыз-деп қушақлап бетлеринен сүйди.
Усындай боларын сезген Қалбазардың еки кѳзинен аққан қуўанышлы жаслар алмалығын сызып ѳтип ийекке жетип, жерге тамшылады. Сабырлы деген бул кемпирдиң «тигиси» тегинликте сѳтилмес еди. Беташарды еситип, ѳтмишти ақлықларына кѳрсеткенине ѳзинен, Халмураттан разы болды. Халмураттың ийнине тон жабылып, басына папақ кийгизди.
Той тойдай болды. Жыйналған адамлар елеберин тарқайын демейди. Халмуратты орап алып, сүўретке түсип атыр. Телефон номерин алып, биразлары тойларына шақырмақшы. Қалбазар да ѳз дийдине жеткенине разы.
– Мың шүкир аллам. Маған усы күнлерди кѳриўге пурсат бергениңе рахмет. Енди мен таярман.
Кемпирди дүзелмес дәрт ѳз шырмаўығына шырмағанына бираз ўақыт болған еди. Аўырыўға жеңдирип, қәддин бүгиўди қыялына келтирмеди.
Тойды ѳткериў ушын ҳәр күни намазларында тәңирден имканият сораўдан шаршамады.
Кеште ҳәмме жаслар тойына кетти. Қалбазар үйде еки кемпир болған келинлери менен қалды.
– Мен шаршадым, жайыма кирип дем аламан. Ҳеш ким ишке кирмесин. Той таркатып келгенлер де келдик-деп жайыма бармасын.
Еки келинине оның буйрығы «хат  пенен қәлем» болды.
Түсимпаз кемпир «аманатын» тапсыратуғын пайыты болғанын сезип турған еди. Ең соңғы намазын оқып, диванына аяқ-қолын туўрылап жатып, ѳз ийманын ѳзи «үйирди». Беташаршының даўысы еле қулағында жаңлап  тур еди. Жүзи нур жайнап, бул  ѳмирден разы ҳалда, ап-аңсат ҳеш қыйналмастан «аманатын» ийесине тапсырды.
❤15
September 7, 2026 2.6K 4