Ғәрезсизлик бахтым мениң,
Ҳәм қорғаным, тахтым мениң,
Жәннет мәкан ҳүр ўатанда,
Тыныш атқан таңым мениң.
Журт басшымыз ғамхорлығы,
Ел-халқымыз айдын жолы,
Бир ўатан, бир халық болып, Табысларға жеткен қолы.
Аспанымыз ашық болсын,
Ғәрезсизлик мәңги болсын,
Көз тиймегей тынышлыққа,
Несийбемиз молдан болсын.
Гүл жайнаған бағы-бостан,
Табыслары тилде дәстан,
Жылдан-жылға көркейе бер,
Хүр ўатаным Өзбекстан.
Ата-бабам арзыў еткен,
Тыным билмей мийнет еткен,
Туўылған жер болсын аман,
Деп өз жанын пидә еткен.
Бүгин мине, шадлы заман,
Бахыт бизге күлип баққан,
Алтын қуяш нурын шашқан,
Ел-халқымыз болсын аман,
Дүнья сени тән алып тур,
Өзиң менен мақтанаман,
Ғәрезсиз ел Өзбекстан.
Гулжахан Исмайлова
Мойнақ районы МШ ҳәм МББ. не қараслы 2-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими.
https://t.me/ibratli_sozler




