Йүрсең 💻 Ая ғапыл бул дүньяны, Бағы-бостан дия йүрсең, Урт етип зиян… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

#Йүрсең
💻
Ая ғапыл бул дүньяны,
Бағы-бостан дия йүрсең,
Урт етип зиян гүнаны,
Ҳақ ҳәмирин қоя йүрсең.
Лаҳатке кирсең екки малек,
Сеннен саўал сорап билмек,
Жаўабын берсең жекме-жек,
Айшы-ҳәшрет көре йүрсең.
Ҳақтын ҳәмирини тутпай,
Өз кәсибиңнен пәк қылмай,
Илими таўсипти сезмей,
Мен ҳәм қулман дея йүрсең.
Айтыў-майрам гөзлегенин,
Тойда жуўап излегенин,
Ғийбат сөзди сөзлегенин,
Ғийбат зинадин сөзлеме.
Ада бермесин жуўабын,
Көрерсең гөрниң азабын,
Шекип жүз мың әлем дағын,
Азапларын көре йүрсең.
Ая ғапыл Ҳәжиниязы,
Дайым гезерсең қысы-жазы.
Руза тутмай, пәнж намазы,
Сенҳәм қулман дея йурсең.

Әжинияз (Зийўар).
https://t.me/ibratli_sozler
❤17👍6
September 7, 2026 2.3K 1 5