БЕТАШАР (гүрриң) Той бермен дегенше болатуғын ойласық, таярлық, пул… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

БЕТАШАР
  (гүрриң)

   Той бермен дегенше болатуғын ойласық, таярлық, пул жеткере алмай қыйналыў бәри-бәри той күни умытылып кетеди.
Той алды ойласықта тѳрде ҳеш гәпке араласпай атырған кемпир адамлар енди тарқасайын деп турғанда:
– Беташарды айтыўға Қәдирдиң тойына келген Халмуратты таўып келесиз-деди.
Буны еситип, кемпирдиң баласы Қәдирбайдан баслап ҳәмме шоршып кетти.
– Апа ол киси бар ма екен?
Оннан қалса беташаршы таяр,  айтылып қойылған. Уят болады.
– Сиз араласпаң да, апа. Ҳәзир ең «хит»  болып турған жигитти зорға таптық-дей бергени кемпир той болатуғын ақлығына оқырайып бир қарады. Ол тып-тыныш болды.
– Сен сѳйлеме, әкең менен сѳйлесип турман. Билемен, оған пулының ярымын да тѳлегенсиз. Ол да келе берсин. Беташар деген қандай болатуғынын бир кѳрсин. Тап, Халмуратты.
«Генерал» кемпир – деп оның бәрҳа ҳүрметин орнына қойып келгенликтен кемпир кѳп сѳйлеп сѳзин де зая етпей кесип бир айтады. Гәпин бѳлгенди ҳеш жақтырмайды. «Апа, ҳәзир заман ѳзгерди. Питип турған иске араласпа» – дей алмаған Қәдирбай үндемей яқшы ишарасын кѳрсетип бас ийзеди.
Аўылдан қалаға кѳшип келгенине онлаған жылдан асты.Той-мереке болса ғана аўылға барады. Еле де телефон деген бар. Болмаса бир күнди жоққа шығарып, аўылға кетесең.
Қәдирбай телефонды алды да Халмуратты излеўге түсти. Қәдирбайдың келиншегиниң бетин ашқан жап-жас, шаққан, ҳәзилкеш жигит еди. Енди оның кишкене  баласы үйленип атыр. Ол киси қартайғаны анық.
Кемпир ол беташаршының тири екенин билип шақыртып отырғанын аңлады. Егер тири болмағанда оны тилге алмас еди. Анасы ҳәр гәпин ойлап сѳйлейтуғын ҳаял. Кемпир сексенниң алтысына жетип тур.
Сорастырып Халмураттың ақлығының телефонын тапты. Аржақтан.
– Тыңлайман – деген даўыс еситилгенде Қалбазар кемпир телефонды маған бер – деди.
– Алло, Халмуратжан қалайсаң? Аман отырсаң ба? Ул-қызларың, ақлықларың саў жүрме? Жағдайларың жақсы ма? – деп сорасты.
– Ассалаўма алейкум рахмет. Шүкир, аманбыз. Ѳзиңиз қалайсыз?
– Мен, Қалбазар апаңман – дегенде Халмурат бир силкинип түсти.
– Апа, қалайсыз? Ѳзиңиз аман отырсыз ба? Қаланың ерке апасы болып жүрсиз бе? Үй-ишлериңиз тегис аман ба?
– Бәри ѳз орнында. Ал, Халмурат саған бир хызмет бар. Ақлығымның усы ҳәптениң ақырында тойы.
– Оң болсын, апа. Аўылға шақыртыўшылық болса, айтамыз.
– Яқ, аўылға хабарды басқа балаға тапсырдық. Ақлық келинимниң бетин ѳзиң ашасаң.
– Ҳаў, апа, бизлер модадан қалдық ғой. «Баяғылар бағда қалды». Енди еплей алмайман. Оннан қалса бет ашыўдан шығысып кеттик. Ҳәзирги жаслардай дей бергени кемпир сѳзин бѳлди:
– Жаслар менен не исим бар. Келесең, ѳзиң жақсылап таярлан. Бет ашарға текстти таярлап қойыпты. Мына ақлығыңның телфонына таслайды. Соны жақсылап кѳрип, жасларға бет ашардың қандай болатуғынын бир кѳрсетип қой. Ал, күтемиз.
«Генерал» кемпир оның яқ яки яқшы – деген жуўабын да күтпестен телефонды ѳширди.
Ҳәмме ҳайран. Отырғанлар қәйтип гәп қоспады. Тойы болатуғын келин-күйеўлер ѳз бѳлмесинде тоңқылдаў менен отыр.
Кемпир ѳзине бейим, билимли ақлық қызын қасына шақырды.
– Саған тапсырма, Айжамал.  Ана телпоныңнан  беташар ҳаққында мен айтқандай хабар жәриялайсаң. Бурыңғының ҳақыйқый бет ашары, Халмурат келеди – деп ѳз тилиңизде келистирип жаз.
– Онда ағамның тойындағы сүўретлери ишинен беташаршының сүўретин табайын.
– Сѳйт, қалғаны ѳзиңе.
Ақлық қызы ѳзине жүкленген «генерал»дың үлкен жуўапкершилигин орынлаўға кирисип кетти.
Барлық ағайинлер, қоңсылар деген ҳәм басқа-басқа каналларға жиберди.
Қалбазар кемпир усы баланы үйлендиремиз – деп болажақ келинге сырға салып келген күннен баслап тынышсызланды. Ҳеш  кимге ҳеш нәрсе демесе де қыяллары менен «алысты».
– Ҳәзир беташар деген бурынғылардай болмай қалды. Адамлар түсте келеди де гәси аўқатыңа қарайды, гейбиреўлери «списка»  дан ѳтеди де кетип қалады.
– Жүдә жақын ағайин болмаса ҳәзир беташарға қарап отырмайды.

Неге бурын ѳзине мәргиядай тартатуғын беташардың буншелли қәдири қалмады? Айырым шалалаў беташаршылар пул қәне пул, апасы, дайысы, жорасы – дегенге адамлар қашып кетти ме? Яки беташарды кәмине келтирип дурыслы айта алайды ма? Мына телефон деген бәле шығып, ҳәмме қызық сонда болып, беташарға болған ҳүрмет те сѳнди ме?
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
❤24
September 7, 2026 2.3K 7