Бир гүзе алтын
Бабурий патша Аврангзеб бир күни аўыл аралап халықының аўҳалын көрип жүргенде, алдынан бир кишкене бала мектептен жуғырып шығады. Патша ол баладан: "Ҳәй бала, мектепте не нәрсе үйрендиң?", деп сорайды. Ол бала үйренген нәрселерин айтады. Патша қуўанып ол балаға бир тиллә береди. Бала: "Патшаҳым мен буны алалмайман", дейди. Патша: "Неге алалмайсаң?", деп сорайды. Бала: "Анам маған исенбейди", дейди. Патша: "Неге?", деп сорайды. Бала: "Сизди бир тиллә берди, десем патша ҳеш ўақытта бир тиллә берип пәс кетпейди, егер олар биреўди марапатлайжақ болса кеминде бир гүзе алтын береди, деп айтады", деди. Баланың бундай сөзге шешенлигинен ҳайран қалған патша баланың үйине бир гүзе алтын тиллә берип жиберген екен.
👉 https://t.me/ibratli_sozler👈

24
3August 31, 2026 1.5K 1 7