БУННАН АСҚАН СУЛЫЎ ҲАЯЛДЫ ЖАРАТПАҒАН ШЫҒАР ДЕП ОЙЛАДЫМ
Ертеде бир жигит ел-журтқа танылған данышпанның алдына келип, оған өзин қыйнаған үлкен бир мәселени айтып шағым қылған екен. Сондағы айтпақшы болғаны мынадай екен:
- Мен ҳаялымды биринши көргенимде Аллаҳ таала буннан асқан сулыў ҳаялды жаратпаған шығар деп ойладым. Соң оған үйлендим. Қарасам, ол сыяқлы ҳаяллар көп екен. Бираз ўақыт өткеннен кейин оннан да сулыў ҳаяллардың көп екенлигин байқадым. Жыллар өткен сайын ҳаялымның көрки менен тартымлылығы кемий берди, кемий берди.
Басқа ҳаялдың барлығы мен ушын ҳүр қызындай. Буның сыры неде? - деп сорайды. Сонда данышпан:
- Саған оннан да жаманырақ, оннан да қорқынышлы бир нәрсе айтайын ба? Егер сен әлемдеги ҳаял аталыўының барлығына үйленсең де сен ушын қызыл ийек кемпир барлығынан сулыў көринер еди», - дейди.
Ол жигит бул сөзди ҳәзил деп қабыллап, күле баслайды. Сонда данышпан сөзин жалғастырып:
- Себеби, кемшилик сениң ҳаялыңда емес, кемшилик – қанаатсыз жүректе, көрсе қызар көзде, тойымсыз кеўилде. Уят кеткен көзди тек топырақ ғана толтыра алады», - дейди.
Соң: «Ярыңның баяғы, әлемниң ең сулыў ҳаялындай болған гезине қайтыўын қәлейсең бе? Онда көзиңди еркине жиберме. Басқа ҳаяллардың қасында нәзериңди төмен қаратыўды үйрен. Өйткени, көзди тыйыў – адамды дем алдырады, денени тынышландырады, ҳаялыңды сулыўландырып, жаныңды шадландырады. Сонда ғана ҳаялың менен қанаатланып, шаңарағыңды сақлайсаң», -ең кереклиси-хеш ким шаңарақ уйытқысы-хаялың киби бола алмайтуғынына көзиң жетеди, - деген екен.
ҮЙИҢДЕ БИРИНШИ ИЗЛЕЙТУҒЫНЫҢ -ХАЯЛЫҢ ЕКЕНИН ТӘН АЛАСЫЗБА, ӘЗИЗ ЕР АЗАМАТЛАР? ! 😊😊
👉 https://t.me/ibratli_sozler
30
20
2August 31, 2026 3.5K 12 37