"ХОШ БОЛ ЖАЗ!...ХОШ КЕЛДИҢ,ҲҮКИМДАРЫМ ГҮЗ!
Мәўсимлер жыл бойы алмаспай турмас,
Дүнья мәўсимлерсиз салтанат қурмас.
Енди жаздың леби жүзиңе урмас,
Хош бол жаз,хош келдиң, шан-шәўкетли гүз!
Тәңирим ырыс берген адамыйзатқа,
Жемис-жийдек артып зор қаназатқа.
Әттең, өмир қамшы сабындай қысқа,
Хош бол жаз,хош келдиң тәшўиши мол гүз!
Жаз да өтти,жанды отта күйдирип,
Гүрбек,шабдаллардан аўыз тийдирип.
Енди таба алмассаң жаздың бир күнин,
Хош бол жаз,хош келдиң,салқын қабақ гүз!
Егиниңди жыйып ал деп қамшылап,
Салқын самаллары кетер шымшылап.
Қәпелимде жамғыр жаўар тамшылап,
Хош келдиң,сергеклик хабаршысы гүз!
Хош бол,жайнаған жаз жасыл мәсканым,
Мол дастурхан жайып толып-тасқаным.
Қуслар еркин ушқан ашық аспаным,
Хош бол жаз,хош келдиң сағынышлы гүз!
Ҳәр өткен күнине мың ҳикмет сыйып,
Жаз гүзге өмирин сыйлады қыйып.
Баўырыңа бийбаҳа ырысқал жыйып,
Хош келдиң,елиме сақый алтын гүз!
Жаз кетти бар жемисиңди писирип,
Сениң менен жарыстырмай кисилик.
Шайыр айтар өмир заңын түсинип:
"-Хош бол жаз! Хош келдиң,ҳүкимдарым гүз!"
* * *
Мәўсимлер ҳәр жылы алмаспай турмас,
Дүнья мәўсимлерсиз салтанат қурмас.
Енди жаздың леби жүзиңе урмас,
Хош бол жаз...! Хош келдиң,салтанатлы гүз!
🪄Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА
https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

17
5September 1, 2026 2.7K 7 25