Алтын гүз Далаларда қырман толы, ақ алтын, Ырыс-несийбеге бөлеп өз… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

Алтын гүз

Далаларда қырман толы, ақ алтын,
Ырыс-несийбеге бөлеп өз халқын.
Жер-әлемге жайып алтын сәўлесин,
Баслап келди гүзимиз өз салтанатын.

Тереклерден ушар сары жапырақ,
Берекетин төгер бизге бул топырақ.
Алтын гүздиң ҳәр бир атқан таңында,
Ўатанымыз гүллөнөди жарқырап.

Елим гөззал, гүзи алтын, қырман кең,
Берекетте толы үйи, өмир сең.
Ғәрезсизлик берген усы бахытқа,
Дүньяда ҳеш қандай гүз болжамас тең!

Ырыс төккен усы алтын мәўсимде,
Жақсылықлар улассын ҳәр бир үйде.
Той артынан тойлар болып журтымызда,
Жаңласын тек бахытлы, шексиз саз да!

✍️Сапура Сапарова
   01.09.2026

https://t.me/ibratli_sozler
❤14
September 1, 2026 2.3K 12