ПИКИРЛЕУ СААТЫ# БАЙ БОЛМА,БАХЫТЛЫ БОЛ,ҚЫЗЫМ! Қызлар тәрбиясы бул… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

#ПИКИРЛЕУ СААТЫ#

БАЙ БОЛМА,БАХЫТЛЫ БОЛ,ҚЫЗЫМ!

Қызлар тәрбиясы бул оғада мазмунлы, қызғын тема.
Ол дүнья еллериниң ҳәр бири ушын да оғада әҳмийетли тема.
Ул тәрбиялаған-әўладты тәрбиялайды,қыз тәрбиялаған пүткил инсанияттың анасын тәрбиялайды.
Қыз тәрбиясы жүдә қыйын,қурамалы ҳәм жуўапкершиликли.
Сонлықтан шығар,муқаддес ҳәдислерде де қыз тәрбиялаған ата анаға үлкен ҳүрмет айтылады:
Қыз тәрбиялаған ата-ана бейиший болады дейди.
Себеби ол- ертеңги ана.
Ал ,ана ким екенлиги ҳәммеге мәлим.
Ана- перзент ушын Қуяш.
Оның ақ сүтин емип,шуғласынан нәр алып өседи.Түн уйқысын төрт бөлип Ана баласы ушын ҳәр күни жигирма төрт саат тыным билмейди..
Нәрестесиниң күлкиси- Анаға күш қуўат бағыш етеди.
Ана перзенти ушын ҳәр нәрсеге тайын....
Қосық айтпайтуғын Ана болмайды.Себеби ол Бесик жырының атқарыўшысы,нәрестеси қәлесе,артист те бола алады...
Қызды өйтип тәрбиялаў керек,бүйтип тәрбиялаў керек деп ақыл нәсият етип отырғым келмейди.
Ҳәрбир қызымызға айтарым бар,жан қызым,бай болыўға емес,бахытлы болыўға талпын,өзиңе берилген имканиятлардан барынша жақсылыққа пайдалан,әтирапыңда болып атырған ҳәр бир ўақыядан,
ҳәр бир сөзден тек жақсы тәрепин қабыл етип ал,кеширип бил,кеширим сорап бил,сенде ҳәммени таң қалдыратуғын,көзди қыздыратуғын сулыўлық бар,ҳәр бир хаял-қыз сулыў,
Сиз тек сол сулыўлықты қысынбай көрсете билиң,бул сулыўлық сизиң ҳәр бириңиздиң бойыңызда бар,айнаға қарап,күлимсиреп бир қараң,хеш кимнен кем емессиз,ҳешким Сизден артық емес,Сиз күшлисиз!
Алдыңызда Сизди әжайып күнлер күтпекте,
Бириншиден,Сиз бүгинги раўажланған жәмийеттиң, жаңаланып баратырған мәмлекетимиздиң толық хуқыққа ийе ағзасысыз.Ертеңги доктор,композитор,муғаллим яки шайырсыз.Яки болмаса басқа бир кәсип маманысыз.
Екиншиден- Сиз ертең бир азаматтың өмирлик жолдасысыз.Оның жақсы болыўы, адамлар қатарынан орын алыўы-сизиң итибарыңызға, мийнетлериңизге ,шаққанлығыңызға,ақылыңызға тиккелей байланыслы.
Сиз тек кимниңдур әжепасы, кимниңдур қарындасы ғана емес,дүньяда ең Уллы -Ана- деген атқа миясар болажақ кандидатсыз!!!
Мине,бул келешекти Сизге минасип етип берген екен,сол аппақ периштелер,нәрестелер күтеди Сизди,пүткил бир әўлад ғана емес,пүткил адамзат күтеди сизди.
Бахытлы,тахтлы болғайсыз,
көзлери жаўдыраған қызалақларым!
Сиз ертеңги бир уллы шаңарақтың бийкесисиз!
Бул шаңарақтың тәғдири Сизиң қолыңызда болатуғынын умытпасаңыз еди...
Жақында бир мағлыўматты оқып қорқып кеттим.
Өзбекстан бойынша быйыл сегиз айдың ишинде отыз үш мың шаңарақтың ажырасыўы жүз берипти.
Бул еле есапқа алынғанлары.
Бул не деген бәле,бул не деген апатшылық!
Бир үлкен,гүрең ел бузылды, ирип кетти деген сөз емес пе?!!!
Ҳаў,қызларым,улларым аў,сизлерге не болды? Бул не деген масқарашылық,
Үйине төркинлеп келген қызын бир еки қондырып болып,ар намыс ушын дәрриў келинлик үйине қайтарып жиберетуғын қатаң әкелери,қайсар аналары қайда бул елдиң!?
Бахыт деген алмаз,тереңлерде екенлигин,сол алмазға жетисиў ушын сабыр тақатты байрақ етип алған ҳаял қыз ғана мақсетине ерисетуғынын санасына сиңдирип,тәрбия беретуғын жасы үлкенлер неге тым тырыс?!
Ерди ер қылатуғын,үйди үй қылатуғын хаяллар қайда қалды!?
Телефоннан тәрбия алған қызлар ма,булар!?
Өмир- теп тегис жол емес, оның қыйын- қыстаў мәнзиллери көп,бирақ,ҳәр бир қыйыншылық изинде рәҳәт бар,ҳәр бир сабыр- тақаттың изинде бахыт бар.
Сизлерге сабыр тақат,ал изинше,жайнаған бахытлы өмир тилеймен.
Қызы бар шаңарақ- пайызлы бир бағ,
Қызларсыз өмирде жанар ма шырақ!?
Ол ана,
ол жолдас,
ол өмир гүли!!!
Сонлықтан да сыйлар мәрт
Қарақалпақ!

А Л Т Ы Н Г Ү Л
У Т Е Н И Я З О В А.

МАҚАЛАДАН КЕЛИП ШЫҒЫП ПИКИРЛЕЙМИЗ, ӘЗИЙЗЛЕР!

... Телефоннан тәрбия алған қызлар..... Карьера, комфорт жасайман деп шаңарақтан уаз кешиулер... , ажырасыулар....?????

https://t.me/ibratli_sozler👈
👍16❤14🙏4
August 31, 2026 2.2K 14 14