#КҮН СОРАУЫ# ЖУУАБЫ:
БҮГИНГИ "КҮН СОРАУЫ" РУБРИКАМЫЗДЫҢ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ:
1. ....... белгисиз аккаунт ийеси.
2.Жаныл Артықбаева.
3.Раьно Сагидуллаева
Бәрше жеңимпазларға, белсенди қатнасқан арнамыз ағзаларына Админстрациямыз атынан
М И Н Н Е Т Д А Р Ш Ы Л Ы Қ
билдиремиз.
Қарақалпақ халқының көркем қол өнери, Кестешилик түрлеринен болған бул қурақ тури-СОЛАҚ нағыс болып табылады.
📜СОЛАҚ - бул арбаның кишкене бир бөлекшесиниң аты менен аталған. Бул нағыс арбаның солағына уқсас болып, әййемги заманлардан бери қолланылып келген. Бурынғы ўақытта өнерпаз шеберлеримиз жаңа үйрениўшилерге ең алды менен солақты үйретеди екен. Солақты билмейтуғын қызлар болмаған. Сонлықтан да шеберлердиң арасында солақ туўралы "Солақ - солақты билмеген олақ" деген нақыл тарап кеткен.
📜Солақ нағысын жаңа үйрениўшилер жеңил кесте тигиў усылы - илме тигис пенен тигип үйренген. Өзи кишкене болып тигилип кестеленетуғын буйымлардың жийеклерине - чай қалта, киймешек, көйлек, жегдениң жийеклерине тигилетуғын болған. Бул нағыс қызыл, сары, көк, ҳаўайы, ақ ҳәм қара сабақлар менен тигилген.
Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архив фонды дереклеринен алынды.
https://t.me/ibratli_sozler👈
7
5August 31, 2026 1.7K 3