ӨМИР ҒӘНИЙМЕТИН БИЛИП ЖАСАЙЫҚ
"Қамшының сабындай өмирдиң қысқа",
Қәдирине жетип күлип жасайық,
Бул шийрин демлерди өтирмей босқа,
Өмир ғәнийметин билип жасайық
Араз болса егер, сеннен жақының,
"Ийилмеймен"-деп жүрмегил қақайып,
Кеўли тола бермес адамзатының,
Өмир ғәнийметин билип жасайық.
"Көрпемизге қарап аяқ узатып"
Буйырған несийпти бирге асайық,
Жасымызды бергей Аллам узартып,
Өмир ғәнийметин билип жасайық.
Жуўырғаннан пайда жоқ бермесе қудай,
Досларым тез-тезден басты қосайық,
Ҳәркүниң береди билсең бир упай,
Өмир ғәнийметин билип жасайық.
Шайырман демейин қатырып жазған,
Бурын айтқан шығар талай Машайық,
Көп ғой данышпанлар өмирден озған,
Өмир ғәнийметин билип жасайық.
Дилбархан Айтжанова
29.08.2026-жылы
https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

26
8
1August 29, 2026 3.6K 20 34