Мен қонақта едим, сөйлесе алмайман, бул жерде интернет байланыс… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

"Мен қонақта едим, сөйлесе алмайман, бул жерде интернет байланыс төменлеў екен, ертенге жазысайық" деп қойыпты екен.
Бегдияр номеринде сорай алмады.
Бугинги тунде Бегдияр Шийринди ойлаўы менен уйқыға кетти.
Азанда турып биринши болып интернетин тексерди, Шийриннен хабар жоқпа екен деп қарады.
Бегдияр смс хабар қалдырып қойды.
Кунделикли жумысларын ислеп, жумысына жол алды. Тусликке шекем және Шийриннен хабар болмады.
Тусликте жуўап келди Шийриннен.
Бегдияр: неге дым кеш жазып атырсан?
Шийрин: қолым босамай атыр еди. Жумыстасызба өзиңиз?
Бегдияр: аўа, кеше сен менен телефон арқалы сөйлесиўди қәлеп едим.
Шийрин: хаў, усы сөйлескенимиз жетпейдиме? Деп кулкиниң смайлигин жиберди.
Бегдияр: сен менен тек социал тармақ арқалы емес, өмирдеде таныс болғым келеди.
Шийрин: неге? Еле ерте емеспе?
Бегдияр: ерте-не, кеш-не, бәрибир ушырасатын болсақ, не қыламыз созып.
Шийрин: Қәйдем, мен алдын ондай етип ушырасыўға шығып көрмедим.
Бегдияр: менде көрмедим, кел екеўмиздеде биринши мәрте болсын.
Шийрин: кулип смайлик жиберди.
Мейли, бирақ азырақ ўақыт өткени жақсы емеспе екен?
Бегдияр: мен бугин деп атырғаным жоқ.
Шийрин: мейли, қашанға?
Бегдияр ойланып турдыда: ертенге, кешке.
Шийрин: яқ, мен кеште шығыўым қыйын, уйдиң ишинен қолайсыз болады.
Бегдияр: онда тусликке.
Шийрин: яқшы, бирақ бир шәртим бар.
Бегдияр: хош, не шәрт екен ол?
Шийрин: адам жоқ жерде илажи болса, танысларым көрип қалса қолайсыз боламан бәрибир.
Бул Бегдиярғада жағып тусти, олда сол таныслар көрип қойыўынан сескенди.
Бегдияр: адамлар көрсе не болыпты, сенде, менде жалғыз баслымызғо. Адамлар айтса айта бермейдима. Яқшы, сенин шәртиң сол екен, мен разыман.
Шийрин: онда сиз маған қай жерге екенин айтың, тусликте жетип бараман.
Бегдияр дым адам бармайтын, қаланың шетлеўинде орташа кафелерди изледи. Сондай етип, бир кафени таўғандай болды. Кафе аты хәм мәнзилин Шийринге жазып жиберди.
Бегдияр: бәлким номериңди айтып қоярсаң?
Ертенге байланысыўымызға керек болмайма?
Шийрин: ертеңге беремен номеримди, ушыраспастан алдын.
Бегдияр: мейли, ертенги кунди асығыслық пенен кутемен.
Солайынша басқа саўбетлерин даўам етти.
Кеште уйине жетип келген Бегдияр, жузине кулки енген. Кеўили котериңки.
Хаялына ертең жумысында конақлар бар екенин, жыйналыс болыўын айтып жақсы кийимлерин таярлап койыўын буйырды.
Бегдияр тез-тезден бир хәженхана, бир жуўыныў ханасына бир далаға шамаллап шығып Шийрин менен сойлесиўин даўам етти. Солай ертеңди кутип тунги уйқысына кетти.

3 кун алдын:
"Сәлем, сиздиң жазған хәр бир пикириңиз маған унады" деп социал тармақ арқалы бийтаныс биреўден қол телефонан хабар келгенин енди көрген Райхан, онша итибар бермеди.
Азымастан жумысынан босап, бийтанысқа "рахмет" деген жуўап қайтарып қойды.
Және сол бийтаныстан хабар жазыулар, ендигиси пикирлерине пикирлер жазған, Райханда ойында хеш нәрсе болмағандай саўбетлести.
Ендиги жағына атын сорады ол бийтаныс. Райхан ойланып қалды, ким болды екен бул Мурат атлы бийтаныс, не максетте жазып атыр екен деп қойды. Райхан ойына биринши келген атты жазды, Шийрин деп өзин таныстырды.
Жасын сорағанына азымас ашыўы келди. Ойланыңқырап, мейли 3 жас киширейтип айтайын деп, жасын 28 деп жуўап берди.
Турмыс қурғансызба деген бийтанысқа азымас ашыўы келди. Қопаллаў жуўап берди не жумысыңыз бар дегендей мәнисте.
Бийтаныстың жазыўларына қарап Райханның қойған суўрети унағанын сезди. Ол ойлады жазып атырған бийтаныс киси, жас бала шығар деп. Негизи Райханның қойған суўрети интернеттен алынған бир бийтаныс биреўдиң суўрети еди. Суўрет қойыў керек дегенге биреўдиң суўретин таўып алып қояберген еди.
Солайынша саўбетлесип отырып, сол бийтаныстың суўретин көрди, Райхан қызыққа танысып көрейин деп саўбетлесиўди даўам етти. Сол куни Райхан итибарсыз болды. Ертеси куни қайтадан тынбай жазысыўлардан Райхандада азымас қызығыўшылық ояна баслады. Бийтаныс ушырасыўға шақырған ўақытта, Райханда еки ой пайда болды. Ушырасыўға барсамба екен ямаса бармасамба. Барсам унатып қалсам, бармасам барғымда келип турғандай, қызықтырып қалдығо бул Мурат деген деп ойланды.
Киеуим билип қойса өлтиреди анық, биреў көрип қойса не деген ойлар тыныш қоймады.
Даўамы👇👇
❤21
August 29, 2026 2.8K 12