Қыянет "Сәлем, бугинги куниңиз аўметли өтсин!" Бул социал тармақ… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

Қыянет

"Сәлем, бугинги куниңиз аўметли өтсин!" Бул социал тармақ арқалы келген смс ҳабарды оқып, өзине де жуўап жазыўға тырысқан Бегдиярды асықтырған ҳаялының, болмайсызба деп жекиринген даўысы бузды.
Бегдияр жуўыныў ханасында еди.
Ол тезирек жуўап берди де, жуўыныў ханасынан сыртқа шықты.
Ҳаялына билдирместен қол телефонын алып "жақсы жатып турдынба?" деп тармақтағы саўбетин даўам етти.
"Аўа, щукир аллаға, өзиңиз жақсы жатып турдыңызба?"
Солайынша саўбетлесип кетти.
Бегдиярдың бул социал тармақ арқалы танысына 3 кун болған еди.
Бугин сол инсаны менен көрисиўди келисип алған.
Ол буннан алдын хещ интернетте социал тармақ арқалы танысыўғада қызықпас.
Қолынан 3 куннен берли қол телефоны туспейди. Сол тармақ артындағы инсаны тек көз алдына келеди.
Ол өз ҳаялынада итибар бериўди тоқтатты. Оның ойы тек сол инсанда болды.
Әстен ҳаялына билдирместен кийимлерин кийинди, жақсы таза ҳаялына жыйналысым бар деп таярлатып қойған кийимлерин кийип, ийсли әтирин сеўди де, ушырасыўға баратырған жас жигиттей айнаға қаранып, қырылған сақалларын бир сыйпап, шашларын туўрылап ҳаялына билдирместен тезирек шығып кетиўди мақул көрди.
Көшеге шығып, көлигине минип журип кетти. Жумысы тәрепке бардыда, қол телефоны арқалы сол тармақтағы сырлы инсанына жазыўды даўам етти. Сырлы инсанының аты Шийрин еди.
Бегдияр: Не қылдың, жумысыңа жеттиңбе?
Шийрин: мине хәзир, уйден шықтым.
Бегдияр: жақсы жетип ал.
Шийрин: рахмет. Сиз жумысыңызға бардыңызба?
Бегдияр: аўа, хәзир келдим.
Билесеңбе, бугинги кунге жеткениме қуўанышлыман, бугинги кунди асығыслық пенен куттим, 3 куним 3 айдай өтти.
Шийрин: уялтыра бермең.

4 кун алдын:
Бегдияр көлиги менен уйиниң жанына келип тоқтады. Уйге кирместен алдын азырақ коликте отырып қол телефонын шуқлаўды мақул көрди. Ол интернет арқалы социал тармаққа жалғанған екен, бирақ хеш қызығыўшылық болмай пайдаланбас.
Тек ғана қызықлы видеолар болса көрип отырады. Бир ўақытлары Социал тармақтан Шийрин деп қойған қызды көрип қалады, ол қыз сол видеолар астына көбирек пикирлер жазғанын оқыйды. Ол қыздың жазған пикирлерин оқып, қызығыўшылық пайда болады. Суўретлерин көреди, тек бир ғана суўрет турған екен, унатып қалады.
Хәм ол қыздың хәр бир жазған пикирлерин биримлеп оқып шығады. Кейин ол қызға жазыўға батына алмайды. Бәлким ҳаялы барлығынан болса керек, бәлким ол қолап рәўиште жуўап бериўинен сескенип. Бегдияр солайынша азырақ отырып уйине киреди. Бирақ онын ойын ол қызға жазып көриў хещ тыныш қоймады.
Ол кийимлерин алмастырар екен, кешки асын жеп атырыпты ойға бериледи. Ойға сунген Бегдиярды ҳаялының не болды деген гәпи бузып жибереди.
Бегдияр: ҳеш нәрсе болмады. Тек жумысымда, азымас есабатты туўра тапсыра алдымба, бир жеринде кемшилик кетпедиме деп қалдымаў.
Ҳаялы: хее, болады.
Ертенге есиңизде барғо я анам бетке барып қайтыўым керек, хызметте журемен, қонып қаламан. Арғы куни кешке келемен.
Бегдияр: аўа, есимде, яқшы - деп қысқа жуўап берип қойды.
Бегдияр менен ҳаялы онша сойлеспейтин еди. Олар бийтаныслардай болып қалған. Олардың турмыс қурып араларында 1 перзенти бар болса да, тек екеўин сол перзент байланыстырып қойғандай.
Бегдияр ойға сунген екен ҳаялы да өз қол телефонын шуқлаўы менен отырды. Еки тәрептиң кунделикли өмири усылайынша даўам еткен. Ерли-зайып тек кеште ушырасады уйинде. Ҳаялы баласын бақшадан алып келеди, уй жумыслары, аўқат, киеуи кийимлери хәм баласы менен, босаған ўақытында қол телефоны. Ал киеуи болса тек жумыстан ерте келсе кешки асын жеп қол телефоны арқалы кишкене балалардай видеоларды кориў ямаса дослары менен отырысып кеш келип уйқлап қалады. Усылайынша биреў биреўине итибарсыз өмири даўам етеберди.
Сол куни Бегдиярға ойына бир пикир келди, қәне сол қызға бийтаныс адам болып жазып көрсем. Бир жағынан ҳаялымда сезбейди, бир жағынан егерде қопал жуўап берсе меннен не кетди.
Ертеси куни ол барып тазадан номер алып, өзине жаңадан социал тармаққа Мурат аты менен қосылды.
Солай ол кешеги қызды таўып жазыўга тырысады.
"Сәлем, сиздиң жазған хәр бир пикириңиз маған унады" деп ол қыздың жеке бетине өтип хабар қалдырады.
Енди Бегдияр ол қыздың жуўабын кутиўди даўам етти.

Даўамы👇👇

https://t.me/ibratli_sozler
❤27
August 29, 2026 2.7K 13