Сөзи ҳәм намасы: Аяпберген Өтепбергеновтики «Бул дүньяға бир бес… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

Сөзи ҳәм намасы: Аяпберген Өтепбергеновтики

«Бул дүньяға бир бес күнлик миймансаң»



Әй, әзизим, бул дүньяға бир бес күнлик миймансаң,
Бу ялғаншы деген жайдың бир шетине сыйғансаң.
Жан қыйнадың, мал жыйнадың, кеўлиңди қош әйледиң,
Мийман болдың, бир күн келдиң, тағы бир күн кетерсең.

Бес бармағың бирдей емес, ай, жулдызлар тең емес,
Шексиз болып көринсе де, тардур дүнья кең емес.
Жақсы болсаң, бағлар қалып, гүл жайнатып өтерсең,
Жаман болсаң, дағлар салып, ўайран етип кетерсең.

Бул дүньяға кимлер келип, тағы кимлер кетпеген?
Кеңге кеңдир бу ялғаншы, тарға ҳеш уақ жетпеген.
Қуўсаң  шерик, жете алмай, сен жолыңда өтерсең,
Бул дүньяға бир күн келдиң, тағы бир күн кетерсең.

Қолға тилла дуўтар алып, нала сазың шертерсең,
Өзиңди сәл алдарқатып, кеўлиңди шад етерсең.
Бири жетсе, бири жетпей, арзыў-арман етерсең,
Кеўлиңди қош әйлегил сен, нийетиңе жетерсең.
Жыйнап-жыйнап, жанды қыйнап, нелер алып кетерсең,
Бул дүньяға бир күн келдиң, тағы бир күн кетерсең.

https://t.me/ibratli_sozler
Өтерсең_ - Аяпберген Өтепбергеновтың сөзи ҳәм намасы
👍27❤7
September 3, 2026 2.6K 5 122