АЙЫРЫМ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРҒА МӘНИЛЕР 🔘Мурнымның пушығынан хабарым жоқ… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

📖АЙЫРЫМ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРҒА МӘНИЛЕР

🔘Мурнымның пушығынан хабарым жоқ, сәңкийип сала бериппен.
Бул нақыл өзиниң кемшилигин аңғармай, биреўди сынап-миней бергенин кейинирек өзи аңлап, өкиниш пенен айтылған сөз.

🔘Тисиң барда ысқырып қал,
Мурның барда пысқырып қал.
Қолыңда ҳәмел барда пайдаланып қал деп, көмешине күл тартқан кимселерге тымсаллап айтылған нақыл.

🔘Алдым жағадан,
Урдым жамбасты,
Қарасам, астында жатырман.

Бул нақыл қолынан келмейтуғын иске орынсыз араласа беретуғын, ямаса шамасын билмей өжетликке зор беретуғын адамларға айтылған.

🪄М.Нызанов «Қарақалпақлар» роман-эссесинен


https://t.me/ibratli_sozler
👍30❤11
September 3, 2026 3.4K 22