Жумысында отырған Бегдиярдын ойы екиге бөлинген. Бир ойы жумыста болса бир ойы жуўапсыз хабарда болды. Хызмет ўазыйпасын ислеп атырған Бегдиярды даўыс берген телефоны журегиниң бирден шаўкилдеўине себепши болды. Дызылдаған даўыстан экраны жанған қол телефонын қолына асыла смс хабарды көрген Бегдияр, көзлери булдырап кетти.
Ол куткен хабар, тармақ жуўабы еди. Ол жерде көп зат емес, тек ғана "рахмет" деген хабар болды, бирак бул бир сөздиң өзи Бегдиярға жетерли болды.
Бегдияр және ол қызға жаза баслады.
Азымас ол қыздың жазған пикирлери бойынша пикирлести.
Солайынша жазысып саўбетти даўам етип кетти.
Бегдияр: Кеширесиз, атыңыз ким болады? Атыңыз жазылмаған екен.
Жаңағы қыз азымас иркилди де, атым Шийрин деп таныстырды.
Бегдияр: жасыңыз нешеде?
Шийрин: 28
Бегдияр: Турмыс қурғансызба?
Шийрин: сиз жеке өмирге өтип атырған жоқсызба?
Бегдияр: мейли, пикириңизге қарап турмыста деп ойладым, жасыңызда соған туўра келип турыпты, бирак мына суўретиңиз уқсамас екен.
Шийрин азымас иркилип: суўретке қарап баха бере бергенде еди. Бул азымас жаслығым.
Бегдияр: мениңше сиз жаслығыңызда мынандай болсаңыз хәзирде дым өзгермеген шығарсыз.
Шийрин: бул суўрет 2-3 жыллықтағы.
Бегдияр: 2-3 жыллықта 18 жастай қыз болсаңыз, хәзирде 20 жастай боларсыз көп болса.
Шийрин: бәлким. Сиз өзиңиз неше жастасыз?
Бегдияр азымас ойланып турып, озин 2 жас киширейтип 33 жастаман деди.
Шийрин: хее, сиздиң суўретиңизде жоқ екен қарап баха берейин десем.
Бегдияр ойына суўрет қойыўы есине де келмеген екен, ол сол маўритте суўретлерин излеп кетти телефонынан.
Бир жағынан ойланды, өзимниң суўретимди қойсам ол танып қойса, ямаса танысларымыз билип қалса. Солайынша ол басқа биреўлердиң суўретлерин көрип баслады.
Жумысында жақын жорасынан бир узақлаў инилериниң суўретин таўды, ол усы жақтың адамы болмасын ертең оны да танып қойса деп, сыртта журген бир инилериниң суўретлерин таўып соны өзиники етип киргизиўге туўра келди.
Бегдияр: мине сиз ушын суўрет қойдым.
Шийрин: хаў, сиз улума 33 жасқа уқсамайсызғо.
Растанда ол суўреттеги бала 20-22 жастағы баланың келбети еди.
Бегдияр ойланынқырап турып: сиз жаслығыңыздағы суўретти қойғанға менде азымас жаслығымдағы суўретти койсам деп едим дер кулкиниң смайлик жиберди.
Шийринде кулген смайлик пенен жуўап қайтарды.
Шийрин: мейли, бирге бир болыппызғо.
Сиз 33 жаста болсаңыз бала-шағаңыз бар шығар.
Бегдияр қыялынан турли нәрсе өтти: қатыным бар еди, ажырасып кеттик, бир қызым бар еди, анасында қалды.
Шийрин: жақсы болмапты. Енди ҳаялыңызды улумаға қойдыңызба?
Бегдияр: аўа, ҳаялым мен кутпегендей болып шықты.
Шийрин: неге? Несин кутпеген едиңиз?
Бегдияр: ҳаялым анама көп гәп қайтарды. Киши затлардан шум шығара берди. Ең кутпегеним, оны бурынғы жигити менен жазысқанында услап алдым.
Шийрин: вай боу, жақсы болмапты. Хәзирги хаялларға ҳайрансаң, қалай киеўи бола тура сөйлеседи екен я.
Бегдияр: соны айт. Тек қызым ушын көнип келдим, бирақ қыянети кеширилмес екен, қойтатып ажырасыўға қарар еттим.
Шийрин: бәлким сол жигити ушын женжеллер шығарып ажырасыўға алып келтирген шығар.
Бегдияр: бәлким. Сиз турмысыңыз хаққында сораўыма жуўап бермедиңиз?
Шийрин азымас иркилип турып жазды: мен турмыста болғанман. Мениң турмысым, киеуим қайтыс болып қалды.
Бегдияр: мени кеширесиз, билмей калыппан. Кайырлы қаза болсын.
Шийрин: аумин.
Бегдияр: қанша ўақыт болды?
Шийрин: 2 жылдай болды.
Бегдияр: қанша ўақыт жасадыңыз?
Шийрин: 3 жыл жасадық.
Бегдияр: балалар?
Шийрин: жоқ, балалы болалмадық.
Бегдияр: Қалай қайтыс болды?
Шийрин: автоавариядан.
Солай саўбетлер даўам етеберди.
Олар хәр затты бир сойлесип кеш болғанында билмей қалды. Жумыс хәм тармақта сөйлесиў менен куни өтти.
Кеште уйине келген Бегдияр ҳаялы жоқлығын бугин уйинде емеслигин умытып кеткен еди. Ол бугин ҳаялы уйинде болмаса, Шийрин менен телефон арқалы сөйлесип көрсембе деген ой пайда болды.
Шийринге тармақ арқалы жазып баслады, бирақ жуўап болмады.
Бегдияр сол куни тунге шекем хәр затты бир шуқлап Шийринниң жуўап бериўи менен тунди қарсы алды.
Енди уйқыға кетер екен, Шийриннен жуўап келди.
Даўамы👇👇
https://t.me/ibratli_sozler
29August 29, 2026 2.5K 12