Қарақалпақстанлы оқыўшылар «Grand Prix» сыйлығын жеңип алды
Жақында Ташкент қаласында Қазақстан Республикасы басламасы менен өткерилген «Узори Азии» халықаралық таңлаўында Қарақалпақстан Республикасы Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектебиниң «Аяқ ойын» дөгереги ағзасы, Нөкис қаласы 16-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы Дүйсенбаева Айсулыў ең жоқары «Grand Prix» сыйлығын жеңип алды.


















