ўақыя ​​АҚЫЛЛЫ ЕРКЕК Күйеўи азанда ерте турды. Азанғы шайын ишип… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

#ўақыя

​​АҚЫЛЛЫ ЕРКЕК

Күйеўи азанда ерте турды. Азанғы шайын ишип, жумысқа кетиўге таярланды.
Көшеге шығып, енди машинасын жүргизип атырғанда офисиниң гилтин алыў есинен шыққанын билди.
Үйине қайтып кирип бөлмесиндеги столдың үстиндеги гилтти алып атырып, столдың үсти көп ўақытлардан берли тазаланбағанын, шаң басып турған екенин көрди.

Әстен ол жерден шығып, ҳаялын шақырды: “Бөлмедеги гилтлерди әперип жибер”, деди.

Ҳаялы гилтлерди алыў ушын бөлмеге кирди.
Гилтлерди алып атырып столдың үстиндеги жазыўға көзи түсти.
Ламинант столдағы шаңда мына жазыў бар еди:

“Сен мениң ушын қәдирлисең! Үйимизди мудамы таза тут”, деп жазып қойылған еди.

Ҳаялы гилтти әкелип берип, күйеўин күле шырай менен шығарып салды.

Ҳаял өзиниң қәтесин түсинип жеткен еди.

https://t.me/ibratli_sozler
Telegram
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw
👍23❤12🔥3
September 9, 2026 2.1K 16