Бир патшаның адамларды жазалаў ушын сақлайтуғын жабайы ийтлери бар еди.
Ким айыплы деп таўылса сол ийтлерге тасланар еди.
Бир күни патшаның ең садық хызметкери арзымас бир қәтеге жол қойды.
Патша ғәзеп пенен оны ийтлерге таслаң деп буйырды.
Хызметкер басын ийип патшаға мен сизге 10 жыл ҳадал ҳызмет қылдым, маған бар жоғы 10 күн мәўлет бериң деп жалынды.
Патша разы болды.
Усы 10 күн даўамында хызметкер сол жабайы ийтлерге қарады,оларды бақты,жараларын емледи,меҳир берди.
Ҳәр күни оларға ғамҳорлық етти.
Күтилген жаза күни келди.
Пүткил сарай адамлары жыйналды.
Хызметкер жабайы ийтлер арасына жазаланыў ушын тасланды.
Бирақ күтилмеген ўақыя жүз берди.
Ийтлер хызметкерге тасланбады,керисинше ийтлер хызметкердиң әтирапына жыйналып қуйрықларын қыймылдатып, жүз көзлерин жалай баслады.
Ҳәмме ҳайран болды.
Патша ғәзеп пенен мениң ийтлериме не қылдың деп бақырды.
Сонда хызметкердиң жуўабы бәршениң жүрек төрине жетип барды.
Мен оларға тек 10 күн хызмет еттим,ал олар болса қылған жақсылығымды умытпады.
Сизге болса 10 жыл садықлық пенен хызмет еттим.
Бирақ сиз бир қылған қәтемди деп ҳәммесин умыттыңыз деди....
Өмирдиң ашшы ҳақыйқаты сол екен гейбир инсанлар бир ғана жақсылығыңызды өмир бойы еслеп жүреди.
Гейбиреўлерине болса бир өмир меҳир көрсетсеңизде қәдириңизди билмейди...
🪄Өзбекшеден аўдармалаған Хапизов Қуўаныш.
Соның ушын жақсылық етип атырғаныңызда ким ушын жақсылық етип атырғаныңызды умытпаң!!!https://t.me/ibratli_sozler

