Фольклор Өмир деген бир қайық Айналып аққан Ақ Жайық, Баратырмекен… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

#Фольклор

Өмир деген бир қайық

Айналып аққан Ақ Жайық,
Баратырмекен ортайып,
Ыққа қарай тез қайтар,
Өмир деген бир қайық,
Үйде, дүзде сәним жоқ,
Баратыр жасым қартайып.
Сақалым қуўдай ағарып,
Сүйегим қалған қақайып,
Перзентим жоқ изимде,
Баратыр заман тарайып,
Ийелик етер мал-ҳәлге,
Ул қалмады ылайық,
Кеўилимди ғам басты,
Жайық суўы ылайып,
Аўҳалымды сезген соң,
Баратыр душпан зорайып.
Заман маған тар болды,
Көзимниң нуры қарайып,
Ғаррының ҳалын билген соң,
Не деп айтар халайық.


Қарақалпақ фольклорынан.


https://t.me/ibratli_sozler
👏12👍7❤2
September 5, 2026 1.8K 5 3