Райхан бир шәрт пенен, яғный ушырасыўға тусликте хешким кормейтин… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

Райхан бир шәрт пенен, яғный ушырасыўға тусликте хешким кормейтин жерге барыў шәртине разы болды. Бийтаныс номерин сорады байланыс ушын, Райхан өзиниң номерин бергиси келмеди, хәм ертеңи куни айтыўды мақул көрди. Сол кун Райхан уйине барып өзин жуда қолайсыз сезе баслады.
Киеуи билип қойса деп қоллары қалтыранқырап журди. Киеуи хеш нәрсени сезбеди. Киеуи хәр қасынан кеткенинде, жазысып турды. Онын бахтына киеуиде онша касына келебермеди.
Солайынша ол ертеси куни, ушырасатын куни болды. Райхан киеуи жумысына кетиуин кутти. Киеуи ертерек жумыска шыгып кетти, Райханда тезирек таза кийимлерин таярлап, әтирлерин сеўип, озине қаранып шықты.
Жумыста отырып Райхан тусликке шекем сол бийтаныс Мурат пенен саўбетлесиўи менен болды, бир жағынан ол Муратты көргиси келсе, бир жағынан өзин қолайсыз сезинди.

Тусликке жақынласқанда Бегдияр жумысынан ертелеў шығып сол Шийринин көриуге асықты да, сол айтылған мәнзилине жол алды.
Райхан болса Тусликке жақынласқан ўақытта, жумысынан ертелеў шығыўға қарар етти. Мурат пенен ушырасыўға келисилген жерге шығып кетти. Жол жөнекей өзине тазадан номер алды, ақыры Муратқа номерин айтыўды ўаде берген еди.
Айтылған мәнзилге Бегдияр жетип келди хәм Шийринине жаза баслады.
Жолда киятырған Райханға Муратынан интернет хабар келди.
Райханның Мураты оны кутип отырғанын айтты.
Бегдиярдың Шийрини болса жақынлап қалғанын айтты. Бегдияр Шийриннен номерин сорады.
Райхан тазадан алған номерди өзиниң телефонына жалғап болған еди, ол таза номерин берди.
Бегдиярға Шийриннен қалай бир-бирин таўып алатынын сорады.
Шийрин номерин бериўин, хәм өзи қоңыраў етип телефонды жаўмай таўып алысатынын келисти.
Райхан Муратын көриуге асықты, Бегдияр Шийринин. Солай етип Райхан сол айтқан мәнзилдеги кафеге келди, алдында турып Муратқа қоңыраў етти.
Иштен телефонның даўысы шықты.
Алло - деген даўысты еситип ишке кирген Райхан, телефоны қолында турған Бегдиярды көрип силк ете қалды, оған қарсы турған Бегдиярда лал қалды.
Бегдияр Шийринин емес, өзиниң ҳаялы Райханды, Райхан Муратын емес, өзиниң киеуи Бегдиярды ушратқан еди.

Наўрызбек Сәрсенбаев

https://t.me/ibratli_sozler
😱28😁19❤14👍4🤩2😢1
August 29, 2026 3.2K 23 12