Енди банк, нотариус ҳәм ишки авиарейслерде электрон ҳүжжеттен…

❗️Енди банк, нотариус ҳәм ишки авиарейслерде электрон ҳүжжеттен пайдаланыў мүмкин

Енди айырым хызметлерде паспорт, ID-карта, туўылғанлық ҳәм неке гүўалығы сыяқлы ҳүжжетлердиң қағаз формасын алып жүриў шәрт емес. Олардың my.gov.uz ҳәм "Социаллық карта" мобил қосымшасындағы электрон түрин усыныў мүмкин.

Электрон ҳүжжетлер төмендеги жағдайларда қабыл етиледи:
➖ Банклерде — банк хызметлеринен пайдаланыў ҳәм айырым финанслық операцияларда шахсты тастыйықлаў ушын;
➖ Нотариусларда — тийисли нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда;
➖ Аэропортларда — Өзбекстан ишиндеги авиарейслерге дизимнен өтиўде;
➖ Байланыс хызметлери ҳәм ломбардлар менен шәртнама дүзиўде.

Сондай-ақ, электрон ҳүжжетлерден қан тапсырыўда шахсты тастыйықлаў, әскерий дизимге алыў, урыс қатнасыўшыларына компенсация бериў ҳәм медициналық-социаллық мәкемелерде төлемли хызметлер көрсетиўде де пайдаланыў мүмкин.

Өзгерислер 33 ведомстволық ҳүжжетке киргизилген. Тийисли ҳүжжетлер Әдиллик министрлигинде 20 октябрь 2026-жылы 3958 ҳәм 3959-санлар менен мәмлекетлик дизимнен өткерилген.


Каналға ағза болың:👉 @Karinform
2026 ж. 23 қазан 1,3 мың 2