Оқыўшы-студентлер ҳәм педагоглар ҳәр жылы психологиялық…

Оқыўшы-студентлер ҳәм педагоглар ҳәр жылы психологиялық диагностикадан өткериледи

Өзбекстандағы барлық билимлендириў шөлкемлериндеги тәрбияланыўшылар, оқыўшылар ҳәм студентлер және тәрбияшылар ҳәм педагоглар ҳәр оқыў жылында кеминде бир мәрте психологиялық диагностика өткерилетуғын болды.

Президент қарарына бола, диагностика нәтийжелери жасалма интеллектте талықланып, оқыўшы ҳәм педагоглар үш топарға ажыратылады. Руўхый қоллап-қуўатлаўға мүтәж деп табылғанларға ментор психолог бириктириледи.

Каналға ағза болың:👉 @Karinform
2026 ж. 21 қазан 1,5 мың 4