Тәўбе Бәри жумыс орнына тазадан жумысқа кирген қыз келгеннен… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

Тәўбе

Бәри жумыс орнына тазадан жумысқа кирген қыз келгеннен басланды.
Ержигит шаңарақлы еки қызы бар, тазадан келген келиншек Азиза да шаңарақлы оның да еки қызы бар еди.
Түсликке шыққанда сәўбетлесиўлер изи телефонда даўам етти.
Қулласы шайтан араласып олардың мүнәсебетлерин өзлерине хақ етип корсетер еди.
Биреў сезип, биреў сезбей қыянет әлеминде жасай баслады олар.
Алдын Азизаның күйеўи сезип қысқыға алды, ол соны бәне етип төркинине кетип қалды, ол жерде және де еркин сезди өзин.

Кешке шекем наўқас ата-енесине қарап, келди кетти қонақлар ҳәм еки қыздың тәрбиясы менен әўере болған Ержигитти хаялы да олардың қатнасын сезбей қалмады әбетте.
Анасының жүрек аўырыўы бар, ата-енеси баласының тәрепин алары сөзсиз..
Нигара әкесине айтыўды мақул корди, ҳәм қоңыраў етип кошеде ушрасыўды усынды әкесине. Әкеси ақлықларын да айланыўға алып шығыўын айтты.
Нигара хеш нәрсе дуз татпады, әкеси болса ишлей қыйналса да сыртқа билдирмеди.

-Ҳәзир мениң менен үйге кетесең, деди қатаң.

-Мен, өмирлик жолдасымды жақсы коремен әкежан-жылады Нигара

-Сол ушында мениң менен кетесең.

Бәринен хабар тапқан наўқас ата-енеси алып кетиўге келди, әкеси бермеди.

Арадан бир ҳәпте өтип қайын атасы Ержигитти үйине шақырды.
Дәрўазадан кирип келген әкесин көрген қызлары алдына жуўырып шықты.
Бөлмеде Нигара, Ержигит ҳәм әкеси қалды.

-Гәп былай деди, Нигараның әкеси... ҳәзир қызымның талағын бересең... жақын жорамның бийперзентликтен ажрасқан баласына узатпақшыман деди... сизди соған шақырдым күйеў бала.

Нигара әкесине қарап аң-таңы шықты, Ержигиттиң реңи ағарып кетти... ишинде бир нәрсе ортенген сыяқлы...

-Аўқат таярлаң аўқатланып кетсин күйеў балам деди келинлерине.

Қайын атасының "күйеў балам" деп атаўы сәўбет жақсылық пенен тамамланғанын аңлатар еди.
Ержигит өзин жеңил сезди.

Ерли-зайыплы уйқлап қалған қызларын бирме-бир көтерип машынға апарды.... бағана атам сени узатаман дегенде жүрегим өртенип кетти деди Ержигит Нигараның қолынан услап. Нигара көзинде жас айланып турсада қолын тартып алмады.

Ержигит ертеңине жумыс орнын басқа бөлимге өзгертти.
Бирақ, ҳаялдың қыянети кеширилмейтин жәмийетте Азизаның күйеўи де оны кеширмеди.
Ақыбетте тири жетимлерге толы жәмийетте бир жесир ҳәм және еки қыз жетим қалды...


🪄Феруза Салходжаева

https://t.me/ibratli_sozler
😢29❤23
September 12, 2026 2.9K 7 10