ӨМИР КӘРЎАНЫ.
Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.
Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.
Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.
Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.
Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.
Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
🪄Жумаханова Гулбазар
Канал👉https://t.me/ibratli_sozler
9
7
3
2September 6, 2026 1.4K 2 20