КЕЛИНЛЕРДИҢ АТ ҚОЙЫУЫ -ҚАРАҚАЛПАҚҚА ЖАРАСАДЫ😊😊 Ата-ана , əсиресе… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

КЕЛИНЛЕРДИҢ АТ ҚОЙЫУЫ -ҚАРАҚАЛПАҚҚА ЖАРАСАДЫ😊😊

Ата-ана , əсиресе ене не-не арзыу үмитлер менен келин түсиреди. Енениң əрманы-келини келиндей хызмет етсе- оны бир қулдай жумсайжақ емес-ау , тек бир халық , ағайын тууған, қоңсы -қоба алдында шаңарақ ағзаларының  хүрметин жайына қойса, келинлик уазыйпаларын орынласа, үйди өз үйиндей көрип кетеғойса, ерине жыллы мүнəсибетте болса, ата-ене, бийкеш-қəйин хүрметин жайына қойса, үйге қыдырып келген қəйин апаларына жүгирип барып қағып төсек төсеп, бир күн асып кетсе еки- үш күн домалап хызмет етсе-əне болғаны соны əрман етеди, гези келгенде талапта етеди. Келинниң ийбели болыуында-ери, қайнағалары  айбатлырақ болыуыныңда тəсири бар. Гей бир енелер келин түсирсе , тап қызымдай көремен дейди. Мен ол пикирге онша қосылмайман. Келин -"келин" аты менен хəммениң хəуесин келтирсин.  Қай бир келинниң мийирман, өз үйине сиңисип кетиуинде-енениң шеберлигине байланыслы деп билемен. Хаялдың  шаңарақ ауызбиршилигинде орны гиреули. Соның ушын енемен деген хəрбир хаял - келинди өзине үйретип алыуы-оның уқыбына байланыслы деп ойлайман.
Мен жас келинлик пайытымда үйдеги қәйнимди ең генжеси болғаны ушын "кишкентай" деп атағанман...Мине хәзир ол қәйнимниң жасы 55 те келинлери бар....олар маған :-неге атамды кишкентай дейсиз ең нәхән ириси бизиң атамғо!-деп хәзиллеседи. Менде өз гезегинде: -ол маған еле кишкентай-деп марапатлап қояман...Буннан басқа "ақ бийкеш", аппақ, сулыу,мырзаға, ортаншы" ларым көөп, қудайға шүкир...Ат қойыу сыйласықты, хүрметти асырады, соның ушын биз бенен қазақ халқында бар бундай дәстүрди хүрмет ететуғынымызда хақыйқат хәм бул бизге мақтаныш сезимин бағышлайды.
Төменде қарақалпақ келининиң ең шырайлы-сүйкимли, хеш бир елде тəкирарланбайтуғын үй ишиндеги, ауыл-елдеги адамларға хүрмети-ат қойыуына байланыслы уақыяны усынбақшыман...

... Ат қойыу əдети -келинлердиң ийбели болып, сыйласығын арттырады.Бизиң дəстүримизде келин қəйин ата, қəйин енеден тысқары қайнаға, абысын, қəйин, бийкешлердиңде аты айтылмайды. Тек ғана келин хəм оның ул-қызларының аты айтылады.
Ауылдағы ямаса ағайын-тууғандағы қəйин атасынан жасы үлкенлери ата, қəйин  енесинен жасы үлкенлери "ене",ал олардан жасы кишилери куйеуиниң жасына салыстырылып, қайнаға, абысын яки"шеше", қəйин деп айтылады.
Қарақалпақларда усы ат айтылыуы бойынша илгериде бир мағлыумат оқып едим:  Бир таза тускен келиншек арқанлап қойған малын жылыстырыуға барса, ауыл сыртында бир бөри қойды бауызлап атырғанын кореди хəм сол пайыт ийтинен үрккен бөри тура қашады. Қыйналып атырған қойды тапқан нəрсеси менен-ақ өзи "хадаллап" алады да, үйине жүгирип келип, қəйин атасы менен қəйин енесине болған уақыяны былай тəрийплейди: " Сарқыраманың аржағында, салдыраманың бер жағында бир улыма маңыраманы бауызлап қашты, мен харам өлмесин деп қанаманы жанамаға жанып-жанып "хадаллап" алдым"-депти.
Буны еситкен қəйин енеси менен атасы дəрриу түсинип, келинине миннетдар болған екен. БУНЫҢ МƏНИСИ: Сарқырама -Дəрябай
Салдырама- Каналбай
Улыма-Бөрибай
Маңырама-Қойлыбай
Қанама-Пышақбай
Жанама-Қайрақбай екен.
Мине бурынғы ата-бабаларымыздан киятырған дəстүримиздиң қəдирлилигиниң жəне бир дəлийли. Мине нағыз ауыл-аймақты хүрмет еткен келиншектен бир мысал...
Усы дəстүрлеримиз арқалыда басқа миллет уəкиллеринен ажыралып турамыз.
Мен өзим қайнағамның балаларын мырзаға, ортаншы, кишкене деймен, ал атамның инисиниң қызларын: Айқыз, Сулыу, Қаракөз деп атайман.Оларда "кише ха кише" деп жанын пидə қылады.



ЗУЛЬФИЯ ЖУМАНОВА
Хожели районы.

https://t.me/ibratli_sozler
❤28💯8👍1🔥1
September 4, 2026 2.8K 17 18