ПИКИРЛЕСИУ СААТЫ# “Социаль тармақта бир әке тәрепинен айтылған пикир”… — ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... — TG.ME

#ПИКИРЛЕСИУ СААТЫ#

“Социаль тармақта бир әке тәрепинен айтылған пикир”

"Әке көрген оқ жонар, ана көрген тон пишер" - демегенбе ата-баба.?!
Демек, әкесиз өскен ул "жаўынгер" бола алмайды.
Оны жаўынгер етип тәрбиялаў, хаял адамға емес.
Өзим, анамның тәрепин алып өстим. Сол ушын көп нәрселерден бос қалдым. Аналар балалар тәрбиясында бәрибир аналығы басым болып, баланың өр көкирегин қайтарып отырады.
Ал, әкелер болса өсиреди. Бир- еки қәте кемшилигине көз жумады, яки басқаша жол менен түсиндиреди.
Көп айырмашылық айтыўым мүмкин, бирақ буны хаяллар түсинбейди.
Ал ер жетип, есин таныған бала, Әкениң орнының таптырмаслығын кеш түсинеди.
Сол ушын еркек-хаял болып даўласып отырмаң.!

"Алтын шашлы хаялдан, бақа баслы ер артық." дегендей, ер азаматларыңызды, ата, әке, аға ҳәттеки 7 жас ул баланың орнын билип, жайына қойғаныңыз дурыс.
Имканы келсе, әкесиз өсирип атырған аналар, балаларыңызды ағаларына, инилерине жақын тутың.!!!

... Жоқарыдағы мақаладан келип шығып,
... ПИКИР ЕТЕЙИК ӘЗИЙЗЛЕР!?! 👇

... Расында да ер балалардың өктемлиги пәсейип баратырма???

... Хаял-қызларымыздың хәзирги уақытта ер жигитлерге хүрмет-иззети қай дәрежеде???

https://t.me/ibratli_sozler
👍15💯15❤7
September 4, 2026 2.8K 17 18